Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-26-март күнлери Наманган ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы сапарының екинши күнинде Наманган ўәлаятын экономикалық-социаллық раўажландырыў илажларын додалаў бойынша мәжилис болып өтти.

Адамлардың мийнети ҳәм пидәкерлиги менен Наманганда турмыс өзгерип атырғаны атап өтилди. Кейинги жети жылда ўәлаят экономикасы 2 есеге, экспорт 3 есеге өсип, халықтың жан басына дәрамат 15,5 миллион сумға жеткен. 65 триллион сум инвестиция есабынан 600 мың жумыс орны жаратылған.

Бирақ еле көп имканиятлар иске қосылмаған, орынларда кемшиликлер де бар. Мәселен, ўәлаят экспортының 86 проценти тоқымашылық ҳәм мийўе-овощ жетистириў үлесине туўра келеди. Поп, Чартақ, Нарин ҳәм Янгиқўрғонда санаатласыў дәрежеси төмен. Ўәлаятта 56 мың қыйтақ жерде өним жетистирилмей атыр.

Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте бундай машқалалар талланып, имканиятларды толық иске қосыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы ең тийкарғы мәселе халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў екенин атап өтти.

Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында Наманганда да үлкен ҳәрекет басланған. Ўәлаяттың 14 районындағы 788 мәҳәллеге банк филиаллары бириктирилген. Олар «мәҳәлле жетилиги» менен бирге шаңарақлардағы имканиятларды, шаңарақтың тилек-нийетлерин үйренбекте.

Биринши басқышта аз дәраматлы 4 мың шаңарақ таңлап алынып, шаңарақ ағзаларының жан басына айлық мийнет ҳақы дәраматын 2 миллион сумға шекем арттырыў илажлары көриледи. Кейинги басқышта және 4 мыңына қаржылай, техникалық, мәсләҳәт ҳәм басқа да көринистеги әмелий жәрдем бериледи. Мәҳәллелерде гүлшилик, балықшылық, пал-ҳәррешилик, шарўашылық, жүзим, клубника ҳәм картошка жетистириў имканияты, оғада, жақсы. Оған жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

– Бул жумысларды ким ислеўи керек? Президент ўәкили болған ҳәкимлер, сектор басшылары, 5 мыңнан аслам экономикалық уйым хызметкерлери, мәҳәлледеги «жетилик» ислеўи керек. Буның ушын барлық жуўапкерлер ҳәр бир кәрхана, исбилермен ҳәм шаңарақ пенен тығыз бирге ислесетуғын системаны жолға қойыў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Кейинги жылларда тоқымашылықта шийки затты толық қайта ислеў жолға қойылып, экспорт көлеми 1 миллиардтан 4 миллиард долларға көбейди. Тап усындай, зергерликте те потенциал ҳәзиргиден бираз жоқары. Елимизде жылына 100 тонна алтын қазып алынбақта. Бирақ оның дерлик 6 проценти қайта исленип, тек ғана 78 миллион доллар экспорт болған.

Сол себепли исбилерменлер ушын айрықша шараятларға ийе зергерлик зоналары шөлкемлестирилетуғыны айтылды. Тараўға шийки зат жеткериў, қәниге таярлаў, өндирис шынжыры ҳәм сатыў системасы пүткиллей қайта көрип шығылады. Бул бағдарда нызамшылыққа да усыныслар киргизиледи.

Толық пайдаланылмай атырған имканиятлар және жоллар ҳәм туризм болып есапланады. Ангрен қаласынан Тўрақўрғанға шекем 100 километр жүриледи, автомобиль ағымы күнине 10 мыңнан артады. Исбилерменлер бул жол бойында асханалар, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын көбейтип, 10 мың халықты турақлы бәнт етиўге таяр. Буны тәртипли шөлкемлестириў ушын мастер-реже ислеп шығып, жерлерди аукционға шығарыў ўазыйпасы қойылды.

Наманган ўәлаятының таўлы ҳәм саяманлы аймақларында туризмди раўажландырыў, туристлерге қолайлық жаратыў ушын авиа ҳәм темиржол қатнаўларын көбейтиў зәрүр екени айтылды.

Ўәлаятта санаат потенциалы да жоқары. Кейинги жылларда 72 киши ҳәм жаслар санаат зоналары иске қосылды.

Бирақ, 16 санаат зонасында 78 гектарда қосымша жойбар жайластырыў имканияты бар. 29 руда емес кәнине санаат кирип бармаған. Ўәлаяттың қоңсы мәмлекетлерге экспорты 568 миллион доллар. Бул бар имканиятқа пүткиллей туўра келмейди.

Сол себепли кәнлерди саўдаға шығарыў, қосымша бажыхана постлары ҳәм саўда үйлерин ашыў, Наманган халықаралық аэропортында жүк терминалы ҳәм Қамшық өткелине жақын жерде логистика орайын шөлкемлестириў илажлары белгиленди. Тоқымашылық, былғары аяқ-кийим, зергерлик, электр техникасы, қурылыс материаллары тармақларындағы жойбарлар бойынша көрсетпелер берилди.

Күни кеше Нарын дәрьясында ГЭСлер каскады, Поп районында мың мегаваттлы 2 қуяш электр станциясының қурылысы басланды. Келеси жылы Үлкен Әндижан каналында 51 мегаваттлы киши ГЭСлер каскады да иске қосылыўы режелестирилген. Буны даўам еттирип, гидроэнергетиканы ҳәр бир сай, ҳәр бир мәҳәллеге алып киретуғын система ислеў әҳмийетли екени атап өтилди.

Аўыл хожалығындағы мәселелер додаланып, каналларды бетонлаў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў жумыслары пүткиллей қанаатландырарсыз екени көрсетип өтилди.

Учқўрғон, Поп, Уйчи ҳәм Мыңбулақта Словения тәжирийбеси тийкарында интенсив балықшылық жолға қойылатуғыны, бул тармақта 4 ири жойбар иске қосылатуғыны айтылды.

Наманганда 1,5 миллион тонна мийўе-овощтың 10 проценти экспорт етилген. Егер жумыс дурыс шөлкемлестирилсе, экспортты 3-5 есеге арттырыў мүмкин. Усы мақсетте ўәлаят мийўе-овощ экспортының географиясы Қытай, Германия, Италия, Испания ҳәм Араб мәмлекетлерине кеңейтиледи. 54 мың гектар жердиң агрохимиялық картасы ислеп шығылып, 18 мың гектары «GSP+» талапларына бейимлестириледи.

Ўәлаятта мийўе-овощ, гөш ҳәм сүтти қайта ислеў дәрежеси де аз. Мәселен, Касансай ҳәм Чартақ мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен болса да, бирде-бир қайта ислеў кәрханасы жоқ.

Сол себепли бул бағдарда 141 миллион доллар муғдарында 62 жойбар иске қосылады. Касансай ҳәм Попта ири шарўашылық кластерлери шөлкемлестириледи.

Қала ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў ўазыйпалары да оғада әҳмийетли. Бүгинги күнде 200 мың халық ушын Жаңа Наманган қаласы қурылмақта. Енди Чуст ҳәм Поп районында 10 мың халық ушын «Жаңа Өзбекстан» массивлери, және 20 мың квартиралы турақ жайлар, IT-парк ҳәм бағ жаратылады.

Районларда ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў, жоллар қурыў ҳәм оңлаў ўазыйпалары белгиленди.

Ўәлаяттағы 16 қәнигелескен медицина орайы негизинде еки – биринши ҳәм екинши Наманган медицина орайлары шөлкемлестириледи. Онда қыстаўлы ҳәм басқа да медициналық хызметлер, диагностикалық тексериўлер ҳәм тар тараў қәнигелерин бир орынға жәмлеў, халыққа күни-түни хызмет көрсетиў имканияты жаратылады.

Жоқары оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпаларына да тоқтап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, министрлер мәлимлеме берди. Видеобайланыс арқалы районлар жәмийетшилиги менен қызғын сөйлесиў болды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2017-жылы Тўрақўрғон районында Исҳоқхон Ибрат атындағы дөретиўшилик мектеби, парк ҳәм музей қурылған еди.

Шавкат Мирзиёев 2021-жылы наманганлы сайлаўшылар менен ушырасыўда жәдид бабамыз атында шет тиллери жоқары оқыў орнын шөлкемлестириў мақсетин айтқан еди. Бул турмысқа асып, 2022-жылы Тўрақўрған районында усындай институт шөлкемлестирилди.

Институтта жәҳән тиллери факультети, 6 кафедра ҳәм 16 тәлим бағдары бар. Ҳәзирги ўақытта еки басқышта 1 мың 523 студент тәлим алмақта. Келеси жылларда олардың саны және артады.

Соның ушын Жаңа Наманган аймағында 5 гектар жерде жоқары оқыў орны ушын жаңа кампус қурылмақта.

Президентимиз усы дөретиўшилик жумысларын көзден өткерди.

Ҳәзирги ўақытта мың орынға ийе оқыў имараты, спорт залы, асхана бой тиклеген. Оларды усы жылы августта пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Кейинги басқышларда студентлер жатақханасы ҳәм және бир оқыў имаратының қурылысы нәзерде тутылған.

Президентимиз усы жерде Жаңа Наманган қаласының басқышлары бойынша презентация менен танысты.

Оның қурылысы еки жыл алдын басланған еди. Бүгинги күнде 2 мың 764 квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурылған, және 648 квартиралы турақ жайлар қурылмақта.

Бул қала 200 мың халыққа мөлшерленген. Онда бақша, мектеп ҳәм басқа да социаллық мәкемелер, жумыс орынлары ушын санаат зонасы болады. «Жаңа Өзбекстан парки» де усы жерде қурылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул қолайлық, қәўипсизлик, сапалы эксплуатацияны жәмлеген ақыллы қала болыўы керек екенин атап өтти. Сол себепли жойбарды және бир мәрте терең көрип шығыў, сапа қадағалаўын күшейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев Наманган халықаралық аэропортын модернизациялаў жойбары менен танысты.

Ферғана ойпатынан мәмлекетимиз аймақларына өткел арқалы өтиледи. Поезд қатнаўлары барлық бағдарларда да емес. Сол себепли бул аэропорттың инфраструктурасын жаңалаўды турмыстың өзи талап етпекте. Бул исбилерменлик, транспорт хызметлери ҳәм туризмниң раўажланыўына үлкен түртки береди.

Жойбар шеңберинде жүк терминалы, кейтеринг, жанылғы қуйыў комплекси ҳәм басқа да хожалық имаратларының қурылысы режелестирилген. Сондай-ақ, аэропорттың жолаўшы терминалының қуўатлылығы саатына 1 мыңға жеткериледи. Жүк терминалы исбилерменлик, экспорт ҳәм транзит потенциалын арттырады.

Соның менен бирге, арнаўлы сервис техникалары парки жаңаланады. Бул қәлеген түрдеги самолётларды қабыллаў ҳәм оларға хызмет көрсетиў имканиятын жаратады.

Мәмлекетимиз басшысы аэропорттың нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрсетпелер берди. Жергиликли ҳәм халықаралық рейслерди көбейтиў, логистика имканиятларынан толық пайдаланыў зәрүр екенин атап өтти. Билетлердиң баҳасын халыққа қолайлы етиў тийкарғы ўазыйпа етип қойылды.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары