Президент Шавкат Мирзиёев 25-март күни экономиканыӊ түрли тармақларында әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысыў, ири энергетикалық объектлердиӊ қурылысын баслап бериў, мәҳәллелер халқы менен сөйлесиў мақсетинде Наманган ўәлаятына барды.
Санаатты раўажландырыў кейинги жыллары Наманган ўәлаятыныӊ “драйвери”, яғный “өсиў ноқаты”на айланғанын атап өтиў керек. Мәмлекетимиз басшысыныӊ ўәлаятқа сапарыныӊ дәслепки күнги мәнзиллеринде санааттыӊ раўажланыўына үлкен әҳмийет қаратылғаны да бийкарға емес.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Жаӊа Наманган районындағы “Гавҳар груп” кәрханасын барып көрди. Ол жылына 1 мыӊ 200 килограмм зергерлик буйымларын санаат усылында ислеп шығарыў қуўатлығына ийе.
Мәмлекетимиздиӊ зергерлиги әййемнен белгили. Атап айтқанда, Наманганда да “қолы гүл” өнермент династиялар болған. Бирақ, жетерли шараят болмағанлығы, шийки зат сатып алыўдағы қыйыншылықлар себепли көп зергерлер жумысын тоқтатқан еди. Бары да буйымларды қол мийнети жәрдеминде таярлайды.
Президентимиздиӊ 2029-жыл 18-майдағы “Өзбекстан Республикасында зергерлик тармағын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы тараў ўәкиллерине кеӊ имканиятлар ашты. Атап айтқанда, зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға кән-металлургия комбинатлары ҳәм халықтан баҳалы металл бөлеклери, баҳалы таслар ҳәм олардан таярланған буйымларды сатып алыў ҳуқықы берилди. Сырт елден технология ҳәм қәнигелер алып келиў қоллап-қуўатланды.
Бундай итибар ҳәм имканиятлар зергер исбилерменлерге исеним берди. “Гавҳар груп”жуўапкершилиги шекленген жәмийети де усылайынша пайда болды. Түркия, Италия, АҚШ ҳәм Германиядан заманагөй үскенелер алып келинип, 2022-жылы иске қосылды.
Бүгинги күни кәрханада 10 мыӊ түрли дизайндағы зергерлик буйымларын ислеп шығарыў өзлестирилген. Сырт еллер менен биргеликте қол саатларыныӊ алтын корпусын таярлаў жолға қойылған. 2023-жылы 270 килограмм өним ислеп шығарылған.
Сондай-ақ, бул жерде 3D модельлестириў арқалы буйыртпа тийкарында қәлеген көринистеги буйымларды ислеп шығарыў мүмкин.
Алтынды Товар-шийки зат биржасынан кешиктирип төлеў шәрти тийкарында сатып алыў имканияты айланба қаржы ҳәм өндиристиӊ избе-излигинде әҳмийетли дәрек болмақта.
Және бир әҳмийетли тәрепи, кәрханада жергиликли зергерлер менен кооперация жолға қойылған. Нәтийжеде жасырын ислегенлер “сая”дан шықты, жумыс орынлары көбейди. Кәрханада 100 ден аслам адамныӊ бәнтлиги тәмийинленген. Усы жердиӊ өзинде жасларға өнер де үйретиледи.
Мәмлекетимиз басшысы кәрханада ислеп атырған зергерлер менен сәўбетлести.
– Мәмлекетимизде жылына 100 тонна алтын қазып алып атырмыз. Оны зергер исбилерменлерге бөлип төлеў шәрти менен сатыўға рухсат берилген. Бундай имканиятлар ҳеш бир мәмлекетте жоқ. Бирақ, мәмлекетимизде алтынныӊ тек ғана 6 проценти қайта исленип атыр. Алтын қазып алмайтуғын мәмлекетлер бизден көп экспорт етип атыр. Бул тараўда бираз кешиктик. Соныӊ ушын өндириске қосымша шараятлар жаратып атырмыз. Бул еле басланыўы. Тараўды еле де раўажландырамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Түркиялы исбилерменлер менен тәжирийбе алмасыў, тараўға байланыслы нызамшылықты жетилистириў мәселелери бойынша сөйлесиў болды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде “Мехмаш” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ өнимлерин де көзден өткерди.
Бул кәрхана жылына 20 мыӊ тонна бурама шеге ҳәм 18 мыӊ тонна рулонлы қағаз ислеп шығарыў, 6 миллион долларлық экспорт қуўатлығына ийе. 700 адам жумыс пенен тәмийинленген.
Базар талабынан келип шығып, автомобиль санаатында қолланылатуғын беккемлеў өнимлериниӊ көлемин ҳәм экспортты арттырыў, жумыс орынларын көбейтиў режелери бойынша көрсетпелер берилди.
Буннан соӊ Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаяты Уйчи районындағы “Қумтепа” жаслар киши санаат зонасында болды.
Мәҳәллелерде қәлиплескен кәсип-өнерлерди раўажландырып, драйверге айландырыў, сол арқалы халықтыӊ бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Уйчи районындағы Қумтепа, Деҳқон, Баландариқ ҳәм Жийдакапа мәҳәллелеринде темиршилик усындай бағдар.
2021-жылы бул жерде темиршиликке қәнигелескен санаат зонасы шөлкемлестирилип, шаӊарақлардағы уста-өнерментлерге зәрүрли шараятлар жаратып берилди. Үш гектар майданды ийелеген комплекс жол, энергия, ишимлик ҳәм ақаба суў сыяқлы барлық инфраструктура менен тәмийинленген. Соныӊ менен бирге, энергияны үнемлейтуғын усыллар енгизилип, қуяш панельлеринен нәтийжели пайдаланылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде өндирис процесин көзден өткерди, темирши- өнерментлер менен сәўбетлести.
Санаат зонасында биринши басқышта 52 жойбар әмелге асырылып, 1 мыӊ 500 ден аслам жумыс орны жаратылды. Усталар шийки затты “Азия металл проф” кәрханасы ҳәм Ташкент металлургия заводынан алып, темирден дәрўаза, есик, сыпа, пәнжере ҳәм басқа металл буйымлар ислеп шығармақта.
Орынларда бул өнимлерге талап жоқары. Соныӊ ушын исбилерменлерге барлық ўәлаятларда өзлериниӊ саўда үйлерин ҳәм өндирис филиалларын ашқан. Буннан тысқары, қоӊсы мәмлекетлерге 1,2 миллион долларлық өним экспорт етилген.
Екинши басқышта және 25 жойбарды әмелге асырыў, 1мыӊ 330 қосымша жумыс орнын жаратыў режелестирилген.
Президентимиз жуўапкерлерге санаат зонасы майданынан нәтийжели пайдаланыў, жасларды ҳәм жумыссыз пуқараларды өнерге тартыў бойынша көрсетпелер берди.
Усы жерде мәҳәлле кесиминде ислесиў арқалы жумыссызлықты азайтыў бойынша ўазыйпалар додаланды.
Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында 14 райондағы 788 мәҳәллеге экономикалық уйымлардыӊ басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлери бириктирилген. Олар “мәҳәлле жетилиги” менен бирге 577 мыӊ шаӊарақтағы имканиятларды үйренген.
– Мен Сайхунабадта “быйыл экономикамызда турмыслық ояныў ҳәм раўажланыў жылы болады” дедим. Мақсет – инсан потенциалына капитал қаратыў, оны ҳәрекетке ийтермелеў, дүньяға көзқарасын өзгертиў. Уйчи районы да экономикасы аўыр аймақ. Бул система тийкарында жумыссызларға қыйтақ жерден дәрамат табыў, өз жумысын ашыў, қәбилетин жүзеге шығарыўға жәрдемлесиў керек , – деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы Қумтепа мәҳәллеси орайында да болып, халық ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Бул мәҳәлледе 5 мыӊ 200 ге шамалас халық жасайды. Шаӊарақлар металды қайта ислеў, дийқаншылық ҳәм хызмет көрсетиўге қәнигелескен.
Быйыл мәҳәллениӊ көриниси жақсыланды. Мәҳәлле уйымы ушын жаӊа имарат қурылды. Барлық шаӊарақлар ишимлик суўы тәмийнатына жалғанды. Ишки жоллар, электр тармақлары оӊланды. “Жасыл мәкан” бағдарламасы шеӊберинде жол бойларына мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери егилди.
Мәҳәлледе тигиўшилик цехы, гөззалық салоны, спорт майданшалары, медицина пункти, китапхана, азық-аўқат дүканлары ҳәм дәрихана халыққа хызмет көрсетпекте.
Жаӊа мәҳәлле имаратында исбилерменлерге жәрдемлесиў орайы да шөлкемлестирилди. Бул жерде халық ҳәм исбилерменлер айырым мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўы мүмкин. Президент буны мақуллап, мәмлекетлик уйымлар менен байланыслы мәселелерди илажы барынша мәҳәллелердиӊ өзинде шешиў зәрүрлигин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Наманган районындағы “Nam Motor Servis” кәрханасыныӊ жумысы менен танысты.
Төрт гектардан аслам аймақта жайласқан бул инвестициялық жойбардыӊ дәслепки басқышы 2021-жылы иске түсирилген. Қытайдан заманагөй технологиялар алып келинип орнатылды. Нәтийжеде жылына он мыӊ дана электр двигатель, еки мыӊ дана суў насосын ислеп шығарыў қуўатлығы жаратылды. Жүз адам жумыс пенен тәмийинленди.
Кәрхана өнимлери энергия үнемлеўши классыныӊ “IE2” дәрежесинде болып, халықаралық стандартларға жуўап береди. Олар мәмлекетимиздеги кән-металлургия комбинатлары, суў хожалығы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлерине жеткерип бермекте.
Және бир әҳмийетли тәрепи, электр двигательлерин ислеп шығарыў 60, суў насослары 100 процент локализацияланған.
Президентимизге кәрхананыӊ перспективадағы режелери, гезектеги басқышлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Жойбардыӊ екинши басқышы май айында, жуўмақлаўшы басқыш болса жылдыӊ ақырына шекем иске қосылады. Нәтийжеде ислеп шығарылып атырған өнимлердиӊ түри артып, бирге ислесиў географиясы кеӊейеди. Және 160 жаӊа жумыс орны жаратылады.
Атап айтқанда, бул жерде 2,2 мыӊ тонна эмалланған сым, 6 мыӊ дана электр двагатель, 4 мыӊ дана үлкен көлемдеги суў насосын ислеп шығарыў имканияты жаратылады. Бул қосымша 500 миллиард сумлық санаат өнимлери, дегени.
Басқа тармақлар ҳәм кәрханалар менен кооперацияны кеӊейтиў, локализациялаў дәрежесин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиздиӊ барлық аймақларында инвестиция жойбарлары нәтийжели әмелге асырылмақта, және инвестициялар кирип келмекте. Буған тийкар – Жаӊа Өзбекстанға болған исеним.
Наманган ўәлаятында да улыўма баҳасы 4 миллиард долларлық 47 жойбар қәлиплестирилген. Соныӊ 2 миллиард 300 миллион долларлық 17 си мәмлекетимиз басшысына таныстырылды.
Оларға Россия, Қытай, Түркия, БАӘ, Франция, Германия, Австрия, Италия, Нидерландия, Иран, Пакистан сыяқлы мәмлекетлердиӊ компаниялары инвестиция киргизбекте. Жойбарлар қурылыс материаллары, электр техникасы, химия, тоқымашылық, азық-аўқат, фармацевтика, медицина, кәншилик, балықшылық ҳәм басқа тармақларды қамтып алған.
Мысалы, Қытай менен биргеликте Чуст районында мыс қазып алыў ҳәм қайта ислеў, пакистанлы инвестор тәрепинен Тўрақорған районында синтетикалық материал ислеп шығарыў ҳәм бояў, Австрия компаниясы менен ўәлаят травматология орайын үскенелеў режелестирилген.
Бул 47 жойбар нәтийжесинде 40 мыӊнан аслам халық жумыс пенен тәмийинленеди.
Мәмлекетимиз басшысы инвестор ҳәм интакерлер менен бирме-бир сәўбетлести. Жойбарлардыӊ экономикалық нәтийжелилиги додаланып, оларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Усы күни Наманган ўәлаятында жаӊа электр станцияларыныӊ қурылысына бағышланған мәресим болды.
Мәлекетимизде қайта тиклениўши энергия дәреклерин көбейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Соӊғы жыллары Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сурхандәрьяда 1,6 гигаваттлы 9 қуяш ҳәм самал электр станциялары тармаққа жалғанды. Әндижан, Смамарқанд, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында 183 мегаваттлы 6 гидроэлектрстанциясы иске қосылды.
Бүгинги күни Наманганда жәми 913 мегаватт генерация қуўатлығы бар. Соӊғы үш жылда электрден пайдаланыў 24 процентке өскен ҳәм бул, әлбетте, даўам етеди.
Соныӊ ушын ўәлаятта жәми баҳасы 1,1 миллиард доллар, қуўатлығы 1 мыӊ 288 мегаватт болған үш комплекс жойбарластырылды. Олар гидроэлектрстанциялар каскады ҳәм еки қуяш электр станциясы болып табылады.
Атап айтқанда, “Өзбекгидроэнерго” акционерлик жәмийети 434 миллион долларға Уйчи районы, Нарин дәрьясы 228 мегаваттлы 6 “ГЭС каскады”н қурады. Буныӊ нәтийжесинде жылына 1 миллиард киловатт-саат электр энергиясы ислеп шығарылады, 310 миллион метр куб газ үнемленеди, 430 мыӊ шаӊараққа электр жеткерип бериледи.
Және бир итибарлы тәрепи, бул ГЭС толық мәмлекетимизде ислеп шығарылып атырған үскене ҳәм технологиялар есабынан қуралады. Яғный ол мәмлекетимизде “биринши миллий ГЭС” болады.
Бул станцияларда 133 адам, қурылыс дәўиринде 4 мыӊ адам ислейди.
Поп районында Германияныӊ “Hyper Partners GmbH” компаниясы тәрепинен 500 мегаватт қуўатлықтағы қуяш электр станциясы қурылады. Бул жойбардыӊ баҳасы 350 миллион доллар болып, жыллық өндирис көлеми 1 миллиард 95 миллион киловатт-саатты қурады.
Бирлескен Араб Әмирликлериниӊ “Tepelen Group Holding Limited” компаниясы менен биргеликтеги қуяш электр станциясы да Попта қурылады. Оныӊ да баҳасы 350 миллион доллар, қуўатлығы 500 мегаватты қурайды.
Бул станцияларды усы жылдыӊ ақырында шекем тармаққа жалғаў нәзерде тутылған. Оларда 120 адам турақлы жумыс орнына ийе болады.
Бул жойбарлардыӊ нәтийжесинде Наманган ўәлаятыныӊ генерация қуўатлары 2 141 мегаваттқа жетеди. Жыллық 7,8 миллиард килоаватт-саат электр энергиясы ислеп шығарылады. Бул болса ўәлаяттыӊ электр энергиясына болған 5,5 миллиард кВт саатлық талабын толық қаплайды. Аўысқан 30 процент электр Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятларына бағдарланады.
Мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев символикалық түймени басып, бул ири энергетика жойбарларыныӊ қурылысын баслап берди.
– Адамларымыздыӊ абадан жасаўына шараят жаратыў Жаӊа Өзбекстан сиясатыныӊ әҳмийетли тийкарларынан бири. Буныӊ ушын үлкен-киши жойбарларды өз ўақтында иске қосыў, олардыӊ турақлы жумыс алып барыўы ушын үзликсиз энергия тәмийнаты оғада зәрүрли. Усы мәнисте, бүгинги мәресим де тарийхый ўақыя. Бәршеӊизди усындай жаӊа жойбар ҳәм басламалар менен қутлықлайман, – деди Шавкат Мирзиёев.
2025-жылы Поп ҳәм Уйчи районларында улыўмалық қуўатлығы 200 мегаватт болған электр энергиясын сақлаў системалары иске қосылыўы режелестирилгенин атап өтиў керек. Бул жойбарлар пайдаланыўдан аўысқан дәўирде бирден-бир энергетика системасын ретлеў ҳәм электр энергиясын пайдаланыўшыларға турақлы жеткерип бериўге хызмет етеди.
Усы жылдыӊ өзинде республикамызда 14 қуяш ҳәм самал станциясын қурыў шеӊберинде 2,6 гигаватт қуўатлық тармаққа жалғанады.
Президент Шавкат Мирзиёев күнниӊ екинши ярымында Наманган қаласында Наманган, Әндижан ҳәм Ферғана ҳәкимлери ҳәм экономикалық комплекс жуўапкерлериниӊ қатнасыўында мәжилис өткерди.
Онда Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында мәҳәлле кесиминде ислеў, қыйтақ жер ҳәм шаӊарақлардағы имканиятлардан пайдаланып, халықтыӊ дәраматларын көбейтиў илажлары додаланды.
Ойпатлық ўәлаятларында халық тығыз жасайды. Ҳәр қарыс жер қәдирли. Дийқанлар жерден пайдаланыўдыӊ ҳәдийсинәдисин алған. Өнерментшилик, исбилерменлик жақсы раўажланған. Соныӊ менен бирге, мәҳәллелерде жумыссызлар, жәрдемге мүтәжлер де бар.
Мәмлекетимиз басшысы бундай инсанларға айррықша итибар қаратыў, шөлкемлестириў-қаржылай жәрдем бериў, бәнтлигин тәмийинлеў зәрүр екенин айтты. Буныӊ ушын барлық жуўапкерлер ҳәр бир кәрхана, исбилермен ҳәм шаӊарақ пенен жақыннан ислесетуғын системаны жолға қойыўы керек.
Соныӊ ушын мәҳәллелерде ҳәкимлик ҳәм барлық экономикалық уйым хызметкерлери бириктирилмекте. Олар шаӊарақларда болып, имканиятларды таллайды.
Мысалы, қыйтақ жери болса, оннан нәтийжели пайдаланыў, дәраматын 60-70 миллион сумға алып шығыў бойынша үлги жаратады. Өнерментликке уқыбы барларға шийки зат, үскене ҳәм айланба қаржыдан жәрдем бериледи. Исбилерменлик тилеги болса, бизнес жойбарлар ислеп бериледи.
Онда, әсиресе, коммерциялық банклер белсенди болыўы керек екени көрсетип өтилди. Яғный, олар, бәринен бурын, өз қарыйдарлары болған кәрханалар тийкарында қосымша жумыс орынлары ашылыўын қоллап-қуўатлаўы керек.
Қалаберди, банклерге мәмлекет тәрепинен үлкен ресурслар ажыратылмақта. Олар орынларда халықтыӊ басламаларына бағдарланып, бәнтликке хызмет етиўи зәрүр.
Бул қаржылар жаӊа жумыс орынлары, қосымша өнимлер, халықтыӊ сатып алыў қәбилети арқалы, ақыр ақыбет экономикаға түсим болып қайтады.
Шаӊарақларда киши қайта ислеўлерди шөлкемлестириў, адамларды өним ислеп шығарыўға үйретиў, кооперация ҳәм бөлип алып ислеўди кеӊейтиў ўазыйпасы қойылды.
Қыйтақ жерлерде ҳәм дийқаншылық ушын ажыратылған жерлерде ҳәр түрли мийўе-овощлар жетистирип, экспорт етиў, шарўашылық, қусшылық, балықшылық, пал ҳәррешилик арқалы руўзыгершиликке берекет киргизиў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаятына сапарыныӊ биринши күни жуўмағында мәмлекетимиз бойлап өткерилип атырған ифтарлықта қатнасты.
Халқымыздыӊ турмысы ҳәм руўхый дүньясында Ислам дининиӊ орны бөлек. Мәмлекетимиз мусылманлары муқаддес исенимлерге әмел етип, ийгиликли дәстүрлерди даўам етип келмекте.
Быйыл да елимиз руўхый пәклик, қайыр сақаўат әййямы болған Рамазан айын үлкен қуўаныш пенен күтип алды. Мешитлерде Қураны кәрим хатм етилип, мәмлекетимизге қут-берекет жаўмақта. Жәмийетимизде дослық-тилеклеслик, меҳир ҳәм сақаўат сезимлери күшеймекте. Адамлар бир-бирине және де мийрим-шәпәәтли болып, наўқаслар ҳәм кекселер, жәрдемге мүтәж инсанларға ғамқорлық көрсетиў барған сайын кеӊеймекте.
Бүгинги мүбәрек ақшамда мәмлекетимиздиӊ барлық аймақларында, ўәлаят, қала ҳәм районлардағы барлық мәҳәллелерде ифтарлық дастурханлары жайылды. Наманган ўәлаятындағы ифтарлыққа Ферғана ҳәм Әндижан ўәлаятыныӊ нураныйлары да келди.
Мәмлекетимиз басшысы елимиз мусылманларын Рамазан айы менен және бир мәрте қутлықлады.
– Бүгин бәршемиз – ҳүрметли уламаларымыз ҳәм нураныйларымыз, жәмийетшилигиимиздиӊ ўәкиллери биргеликте ифтарлық етпектемиз. Бир пүтин, татыў шаӊарақ болып жасап атырған көп миллетли Өзбекстан халқы бүгин бир дастурхан әтирапында жәмлесип отырыпты. Ойлайман, бул саўаплы илаж инсан қәдирин улығлаўға, өсип киятырған жасларымызды мине усындай уллы руўхта тәрбиялаўға хызмет етеди, – деди Шавкат Мирзиёев.
Президент бул ислерге үлес қосып атырған ийман-диянатлы, сақаўатлы ўатанласларымызға миннетдаршылық билдирди.
Ҳақыйқатында да, халқымыз әзел-әзелден бир-бирине сүйениш болып, меҳир-муҳаббат көрсетип жасаўды адамгершиликтиӊ тийкарғы қағыйдасы деп биледи. Усы уллы пазыйлетлер бизлерди бәрқулла бирден-бир халық, бирден-бир миллет етип бирлестиреди, турмыс сынақлары ҳәм қыйыншылықларын жеӊип өтиўде айрықша күш-қуўат береди.
Кейинги жыллары сырт елде оқып ҳәм ислеп атырған ўатанласларымызға да қатнасық өзгерди. Олардыӊ ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, қаржылай ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў бойынша салмақлы ислер алып барылмақта. Атап айтқанда, оларды Ўатанымызға қайтарыў, жумыс орны ҳәм дәрамат дәреги менен тәмийинлеў, шаӊарақ ағзалары ҳәм перзентлерин социаллық қорғаў бойынша әҳмийетли илажлар әмелге асырылмақта.
Жақында 40 тан аслам уламалар Россия, АҚШ, Қубла Корея, Түркия, Египетке сапарға жиберилди. Ол жердеги ўатанласларымызды дин-диянатқа шақырыў менен бирге, ҳәзирги қәўипли жағдайда сергек болып, нызамларды ҳүрмет етиў, жаман жолларға кирмеў зәрүр екенлиги ҳаққында сәўбетлер алып барды.
Мәмлекетимиз басшысы сырт елдеги ўатанласларымызды да уллы әййям менен қутлықлап, оларға денсаўлық, аманлық ҳәм табыс тиледи.
Бизлерге белгили, жаӊаланған Конституциямызда “Өзбекстан – социаллық мәмлекет” деген әҳмийетли қағыйда белгилеп қойылды. Усы тийкарда мәмлекетимизде толық жаӊа социаллық қорғаў системасы қәлиплеспекте. Бул система биринши гезекте мүтәж инсанларға, атап айтқанда, майыплығы болған, кем тәмийинленген, жетим қалған, басқалардыӊ күтимине мүтәж инсанларға ҳәр тәреплеме итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиўге қаратылған.
Бул ҳаққында сөз етип, Шавкат Мирзиёев Әлийшер Наўайы бабамыздыӊ “Ким дур кем кеўил инсанның кеўлин шад етсе, ўайран болған Кабаны абат еткен менен барабар” деген ҳикметин еске алды.
Бундай көзқарас муқаддес динимиздиӊ негизги адамгершилик мәниси менен сәйкес болып табылады. Ҳақыйқатында да, ҳақыйқый мусылман өзине мақул көрген нәрсени басқаларға да мақул көреди.
Мәмлекетимизде халықтыӊ абаданлығын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған ис-ҳәрекетлердиӊ мәниси айтып өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниӊ жуўмағында еӊ жақсы тилеклерин билдирди.
– Мүбәрек Рамазан айыныӊ шарапаты менен мәмлекетимизде, жәми мусылман үлкелеринде, пүткил дүньяда тынышлық, турақлылық ҳүким сүрсин, адамлар, халықлар арасында дослық-тилеклеслик, өз-ара ҳүрмет сезимлери әҳмийетли болсын. Күшлилер – әззилерге сүйениш, сақаўатлылар – мүтәжлерге жәрдемши, жаслар – кекселерге ғамқор болсын. Динимизде белгилеп берилген дурыс жолдан адаспайық, соныӊ менен бирге, заман менен бир нәпесте жасайық. Жасларымыз билимлери менен дүньяға танылып, мәмлекетимиздиӊ атағын жоқарыларға көтерсин. Өзбекстан дүньяныӊ еӊ алды, еӊ алдынғы мәмлекетлеринен бирине айлансын. Тутқан оразаларымыз, пәтияларымыз дәргайында қабыл болсын, – деди Президентимиз.
Қуран аятлары оқылып, Алла тааладан халқымызға тынышлық-абаданлық тилеп пәтия берилди.
Президент Шавкат Мирзиёевтыӊ Наманган ўәлаятына сапары даўам етпекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Оқилхон ДАДАБОЕВ,
ӨзА