Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Наманган ўәлаятының имканиятларын иске қосыў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтпекте.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында Наманган мәмлекетимиздиң ең берекет, суўы мол өнимдарлы аймақларынан бири, мийнеткеш ҳәм сақаўатлы, кеўли көтериңки, исбилерменликте ең алдынғы инсанлар ели екенин атап өтти.

Олардың мийнети ҳәм пидәкерлиги менен Наманганда турмыс өзгермекте. Өткен 7 жылда ўәлаят экономикасы 2 есеге, экспорт 3 есеге өсип, жан басына дәрамат 15,5 миллион сумға жетти. 65 триллион сум инвестиция есабынан 600 мың жумыс орны жаратылды.

ӨзА