Әссалаўма әлейкум, әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Узақ-алыстан келген ҳүрметли мийманлар!

Сиз, қәдирданларымды, көп миллетли пүткил Өзбекстан халқын бәршемиз сағынып күткен Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлаўдан қуўанышлыман.

Бүгин пасыллар алмасып, жер ҳәм аспанда иләҳий әжайыпатлар жүз бермекте. Жаңа күн, жаңа мәўсим, жаңа өмир нәпеси басланбақта. Тәбият ояныўы менен зимистан кешелерден жалыққан кеўиллер жайнап-жаснамақта.

Әлбетте, бүгинги қуўанышлы байрамды елимиз бенен әдеттегидей «Жаңа Өзбекстан парки»нде өткериўди нийет еткен едик. Бирақ ҳәммемиз көрип турмыз – кейинги күнлерде ҳаўа суўып, ҳаўа-райы бираз төменлеп қалды. Бүгин берекет жаўыны менен аспаннан мол ырысқы-несийбе жаўмақта. Ҳәммемиз бул жағдайды шүкиршилик пенен қабыл етемиз.

Мине, усы саўлатлы сарайда турып, бәршеңизге ең жақсы ҳәм ийгиликли тилеклеримди билдириўге рухсат еткейсиз.

Хош келипсең елимизге, гөззал Наўрыз!

Дүнья сениң менен нурға толсын!

Шығыстың Жаңа жылы ҳәммемизге мүбәрек болсын!

Қәдирли дослар!

Мине, усы қуўанышлы күнлерде ана жеримиз, жанажан Өзбекстанымыз мисли көрилмеген үлкен ҳәм саўлатлы бир сейил етиў орнына айланбақта. Ферғана ойпаты Сурхан ҳәм Қашқадәрья таўларында, Хорезм ҳәм Қарақалпақ диярында, Самарқандтан Бухараға шекем, Наўайының гөззал бағларында, Жиззақ пенен Сырдәрья кеңисликлеринде, Ташкент оазисиниң жасыл жайлаўларында, ески пайтахтымыз майданларында елимиз тамашалар өткерип, Наўрызды қуўаныш пенен күтип алмақта.

Наўрыз байрамының философиясы бизиң арзыў-нийетлеримиз, әмелий ислериңиз бенен тығыз байланысып кеткенин бүгин ҳәр қәдемде айқын көриў мүмкин. «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын» деген ийгиликли идея әтирапында бирлескен халқымыздың кеңпейил мийнети менен мәмлекетимизде жаңа заманагөй кәрханалар, ықшам турақ жайлар, социаллық ҳәм мәдений объектлер, жол ҳәм көпирлер, бағ ҳәм қыябанлар қурылмақта. Елимиз келбети күннен-күнге абат ҳәм гөззал болып бармақта.

Инсан қәдирин улығлаў, оның турмыслық мәплерин ҳәм социаллық қорғалыўын тәмийинлеў, мүтәж халық қатламларын қоллап-қуўатлаў, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир ўатанласымызға мийрим-шәпәәт көрсетиў ислеримиздиң өлшемине айланбақта.

Мәмлекетимиздеги дослық ҳәм аўызбиршилик орталығы, жақсы қоңсышылық, тынышлық сүйетуғын сыртқы сиясат себепли халықаралық майданда Өзбекстанымыздың абырай-мәртебеси артпақта.

Наўрыз байрамы инсаныйлық, тынышлық ҳәм кеңпейиллик сыяқлы қәдириятларға үнлес бундай ислеримизди биз келешекте және де кеңейтемиз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Наўрыз байрамы бизди пүткил тиришиликти, бәринен бурын, жер ҳәм суў, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясын, таза ҳаўаны қәстерлеп-сақлаў, ана тәбиятқа меҳрибан перзент болып жасаўға шақырады.

Мине, усындай ийгиликли шақырыққа жуўап ретинде бүгинги күнде елимизде үлкен жумыслар әмелге асырылмақта, Наўрыз шембиликлери өткерилмекте. Соның ишинде, «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде миллионлаған мийўели ҳәм саяманлы нәллер егилмекте, жаңа бағлар жаратылмақта.

Ески қосықларымызда Наўрыз ғәзийнелер ашылатуғын берекет байрамы, деп жырланады.

Мине, бүгин мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримиз, бағман ҳәм шарўалар жаңа мийнет мәўсимин басламақта.

Илайым, баба дийқанларымыздың әўметин, бахтын берсин!

Дәрьяларымыз суўға толып, зүрәәтимиз мол болсын!

Әзиз дослар!

Жаслық – инсан өмириниң бәҳәри, оның Наўрыз байрамы болып есапланады. Жаслық – адамзат камалға келиў аспанында жулдыз сыяқлы жарқырайтуғын бийбаҳа дәўир болып есапланады.

Жаңа Өзбекстан перзентлери – жүзлеген, мыңлаған ул-қызларымыз түрли тараўлардағы жетискенликлери менен бул пикирди әмелде дәлийллемекте. Олардың күш-ғайраты, ийгиликли ҳәрекетлерине қол-қанат болыў мақсетинде биз быйылғы жылды мәмлекетимизде «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» деп жәрияладық.

Себеби бәрқулла излениў, баслама ҳәм жаңалыққа, өзлигин көрсетиўге умтылыў жаслық ҳәм исбилерменликке тән пазыйлетлер есапланады.

Бул ҳаққында сөз еткенде, бир пикирге айрықша итибар бериўди қәлер едим. Исбилерменлик әзелден халқымыздың қанында, сана-сезиминде жасап келмекте. Елимиз ески заманлардан-ақ қолы гүл уста ҳәм өнерментлер, мийнеткеш дийқанлар, жети ықлымды гезген саўдагерлер, сийрек ушырасатуғын өнимлери менен пүткил дүнья жүзине аты шыққан.

Бүгинги күнде Өзбекстанда жаңа исбилерменлер әўлады мине, усы дәстүрди мүнәсип даўам еттирип, анық ортаға шықпақта. Ең әҳмийетлиси, бизнес тараўы тек ғана экономикалық емес, ал жәмийетлик турмысымызда да шешиўши күшке айланбақта.

Биз исбилерменлик орталығының раўажланыўы ушын және де кең имканиятлар жаратып беремиз. Усы жылы қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламадағы мақсетлерге 36,5 триллион сум ҳәм 460 миллион доллар қаржы қаратыў белгиленгени де бул пикирди тастыйықлайды.

Шаңарақлық исбилерменлик ҳәм өзин-өзи бәнт етиў бағдарламалары шеңберинде 50 мыңнан аслам ўатанласларымызға Бизнести раўажландырыў банки арқалы зәрүр қаржылай ҳәм материаллық жәрдем көрсетиледи. Соның ишинде, оларға гиреў талабысыз 100 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Буннан тысқары, орта бизнес ўәкиллерине 1,5 миллиард сумға шекемги жеңиллетилген кредитлер 7 жыл мүддетке бериледи. Улыўма етип айтқанда, усы жылы барлық түрдеги исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде 2 миллионға шамалас халыққа қаржылай жәрдем көрсетиледи.

Улыўма етип айтқанда, Жаңа Өзбекстанды исбилерменлик ҳәм бизнес ушын ең қолайлы ҳәм тартымлы мәмлекетлерден бирине айландырыў жолында жаңа әмелий қәдем таслаймыз.

Бүгинги күнде елимиз жаслары халықаралық пән олимпиадаларында, мәденият ҳәм көркем өнер, IT ҳәм спорт бағдарларындағы абырайлы таңлаў ҳәм фестивальларда белсене қатнасып, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болып киятырғанлары бәршемизди қуўантады.

Бир ғана мысал. Нәўқыран спортшыларымыз өткен жылы Азия ойынларында 22 алтын, 18 гүмис, 31 бронза медалын қолға киргизип, Өзбекстанның бул жарыслардағы рекордын жаңалады.

Хабарыңыз бар, жақында белгили шахмат гроссмейстери – Нодирбек Абдусатторов Прага халықаралық турниринде мүддетинен алдын жеңиске ерисип, дүнья жүзиндеги ең күшли төрт шахматшының бирине айланды.

Келиң, усы уллы байрам күнинде бәршемиз қолдан келгенинше нийет етейик: Нодирбекке тез күнлерде Ўатанымызға жәҳән шахмат тажын алып келиў несип етсин! Сен оған әлбетте уқыплысаң, Нодирбек улым! Пүткил елимиз сеннен усы уллы жеңисти күтпекте.

Ең қуўанышлысы, бундай жоқары шеклерди ийелеўде қызларымыз да улларымыздан қалыспай атыр. Атап айтқанда, қәбилетли қызымыз Зайнаб Дайыбекова қылышласыў бойынша Перуда болып өткен жәҳән кубоги ойынларында Өзбекстан спорты тарийхында биринши рет бронза медалын қолға киргизди.

Және бир шебер қызымыз Шаҳина Йигиталиева болса Параазия ойынларында найза ылақтырыў бойынша алтын медалға ийе болып, бул жарыслар рекордын жаңалады.

Әзиз спортшы перзентлерим, сизлерди алдында оғада әҳмийетли ҳәм үлкен сынақ – Париж Олимпиадасы ҳәм Паралимпия ойынлары күтпекте. Дүньяның ең зор спортшылары беллесетуғын мине, усы жарысларда Өзбекстан байрағын бәлент көтерип, елимизге қос медальлар, жетискенликлер ҳәм сыйлықлар алып келесиз, деп исенемен.

Бәршеңизге жеңис яр болсын!

Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!

Наўрыздың мәңгилик руўхы, әсиресе, мәҳәллелеримиз турмысында айқын көзге тасланбақта.

Кейинги еки-үш айда бул тараўда қандай үлкен өзгерислер жүз бергенине бәршеңиз гүўасыз! Мәҳәллени қоллап-қуўатлаў кеңеслери, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы ҳәм оның аймақлық структуралары шөлкемлестирилди. Ҳәмме тараў ҳәм бағдарлар бойынша «мәҳәлле жетилиги» системасы нәтийжели жумыс алып бармақта.

Әлбетте, бул системаны шөлкемлестиргенимиз, бул бағдардағы исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған бағдарламаларымыз негизинде үлкен турмыслық мәнис бар.

Мине, усы жумысларымызды күшейтиў мақсетинде Сырдәрья ўәлаятының Сайхунабад районында жаңа тәжирийбе енгизилмекте.

Бул бағдарда әсиресе, қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыў, қыйтақ жер ийелерин зәрүр қурал ҳәм ресурслар менен тәмийинлеў, олар жетистирген өнимге базар таўып бериў ушын жәрдемлесиў, ҳәр бир шаңарақ ҳәм мәҳәлледе киши өндирислерди жолға қойыў, сервис ҳәм хызмет түрлерин көбейтиў тийкарғы мақсетимизге айланбақта.

Өзиңиз көз алдыңызға келтириң, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз бойынша бес ярым миллион шаңарақта 510 мың гектар – итибар бериң – 510 мың гектар қыйтақ жерлер бар. Бул – еле толық иске қосылмаған үлкен имканият, үлкен байлық болып есапланады.

Бәршеңизге белгили, Өзбекстан шараятында мине, усындай имканиятлардан пайдаланып, қолдан келгенинше мийнет еткен адам ҳеш қашан кем болмайды.

Мине, кейинги еки жылда Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежесин 17 проценттен 11 процентке түсириўге еристик. Әлбетте, бул нәтийжелер өз-өзинен болып атырғаны жоқ. Усы дәўирде 900 мыңға шамалас халыққа дерлик 20 триллион сум жеңиллетилген кредит, 200 мыңнан аслам пуқараларға 1,5 триллион сум субсидия, дерлик 700 мың шаңараққа болса, дийқаншылық ушын 200 мың гектар жер ажыратып берилгени бул бағдарда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Ең тийкарғысы, исбилерменлик, соның ишинде, қыйтақ жердеги мийнет, адамды, әсиресе, жасларды физикалық ҳәм руўхый жақтан тәрбиялайды, оларды өз күши ҳәм имканиятына исенип жасаўға үйретеди.

Атап өтпекшимен: мәмлекетимиз бундай белсенди инсанларды бәрқулла қоллап-қуўатлайды.

Мәселен, шаңарақлардағы қыйтақ жерде жетистирилетуғын өнимлерди сатып алыўшы, қайта ислеўши, усы өнимлерди экспорт етиўши исбилерменлерге 300 миллион сумнан 1 миллиард сумға шекем грант бериледи. Буннан тысқары, бос жерлерде санаатқа жарамлы тереклер өсириў, шарўашылық, балықшылық, қусшылық, пал-ҳәррешилик ушын қосымша имканиятлар жаратылады.

Бул илажларды әмелге асырыў ушын мәмлекетимиз экономика комплексиниң барлық басшы ҳәм хызметкерлери мәҳәлле дәрежесине түсип, жумысты шөлкемлестириўге жуўапкер болады.

Рамазан күнлеринде жақсы нийет пенен Сайхунабадта басланған тәжирийбе пүткил елимиз бойлап кеңнен тарқалады, деп исенемен.

Әлбетте, бул аңсат ис емес. Бирақ, қаншелли қыйын болмасын, өз кәсибиниң устасы ҳәм пидәкери болған халқымыз, таўды урса талқан ететуғын азамат жасларымыз бенен бәршемиз биргеликте бул ўазыйпаны әмелге асырыўға уқыплымыз.

Бул бағдарда пуқаралық жәмийетиниң сийрек ушырасатуғын үлгиси болған мәҳәлле жетекши орын ийелейтуғыны тәбийғый жағдай.

Сол себепли мәҳәллени қоллап-қуўатлаў, оны және де раўажландырыў бәрқулла итибарымыз орайында болады. Себеби, мәҳәлле – бул меҳир ҳәм татыўлық қорғаны болып есапланады. Мәҳәлле – ҳақкеўил, дөретиўши халқымыз кеўлиниң айнасы болып есапланады.

Пурсаттан пайдаланып, 22-март күни мәмлекетимизде белгиленетуғын Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни менен барлық ўатанласларымызды, жанкүйер ҳәм пидәкер мәҳәлле белсендилерин қызғын қутлықлап, олардың жумысларына табыслар тилеймиз.

Қәдирли дослар!

Дүнья жүзиндеги жағдай барған сайын қыйын ҳәм қәўипли түрге енип атырған ҳәзирги күнде Наўрыз Жер жүзинде түрли халықлар ҳәм миллетлер арасында тынышлық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў сыяқлы ийгиликли мақсетке хызмет етпекте.

Бүгинги байрам тамашасында Өзбекстанда жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ғайраткерлерин көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман. Пурсаттан пайдаланып, сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерин, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин қызғын қутлықлап, олардың мәмлекетлери ҳәм халықларын 21-март – Халықаралық Наўрыз күни менен қутлықлап, бәршелерине қызғын сәлемимизди ҳәм қутлықлаўларымызды жоллаймыз.

Быйылғы Наўрыз байрамы пазыйлетли Рамазан айында болып өтип атырғаны оның қут-берекетин және де зыяда етпекте.

Бул мүбәрек байрамда мәмлекетимиз мөмин-мусылманларын, пүткил ислам үмметин және бир мәрте қутлықлап, олардың шын кеўилден тилеп атырған нийетлериниң орынланыўын Жаратқан Ийемизден сораймыз.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!

Мине, усы бәҳәр мәўсиминиң әжайып мәўритлеринде бәршемиз уллы ата-бабаларымыздың тилеклерине қосылып, илайым, ҳәр күнимиз Наўрыздай гөззал, Наўрыздай пайызлы ҳәм мазмунлы болсын, деп нийет етемиз.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, жаңа табыслар, шаңарақлық бахыт ҳәм абаданлық тилеймен.

Елимиз тыныш, халқымыз аман болсын

Наўрыз байрамы бәршемизге мүбәрек болсын!