Үш мың жылдан артық тарийхқа ийе болған Наўрыз байрамы Шығыс халқының ояныў пасылы, бәҳәр айямының кирип келиўи, ана тәбиятымыз көкке енип, өкпе-гейнелер кеширилип, ҳәр бир шанараққа куўанышлы мәўритлерди алып келиўи менен бирге, өзинде миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди жәмлегени менен биз ушын қәдирли болып табылады.

Нөкис қаласындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинде де Наўрыз байрамы кең түрде белгиленди. Байрам илажында мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды. Байрам тамашалары даўамында миллий спорт ойынлары болған арқан тартысыў, тас көтериў ҳәм қол гүреси сыяқлы ойынлар өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды. Сондай-ақ, билимлендириў тараўында аянбастан мийнет етип киятырған пидайы  муғаллим ҳәм устазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылды.








-Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында социаллық-экономикалық турмысымыздың барлық тараўларында түпкиликли реформалар әмелге асырылып, соның ишинде билимлендириў тараўына да жасларымыздың оқып билим алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылып берилмекте,-дейди мектеп директоры, халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Айша Абдиреймова

Байрам илажында мектеп жәмәәти тәрепинен таярлаған ҳәр қыйлы миллий тағамлар, ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған үй буйымлары көргизбеге қойылды. Сондай-ақ, жәмәәт хызметкерлери ҳәм оқыўшы-жаслар  сүмелек қайнатып,  өзлериның жақсы тилеклерин билдирди.

 

                                                                            Қарақалпақстан хабар агентлиги