Соңғы жыллары пүткил дүньяда инсанлардың тәбиятқа унамсыз тәсири себепли ҳәр қыйлы экологиялық машқалалар келип шығып, климат өзгерислери, түрли тәбийғый апатлар дүнья жүзи халқын қыйнап келмекте. Буларды сапластырыўда ямаса жумсартыўда тереклер, бағлар, ландшафтлы аймақлардың артыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Ал, бизиң аймағымызағы ең үлкен экологиялық машқала – Арал теңизи суўының азайыўы, қурып қалған ултанының әтирап-аймаққа шаң, қум-дузлы шаңларды тарқатыўы болып есапланады.

Президентимиздиң басламасы менен өткен бес жыл даўамында Арал теңизиниң қурыған ултанында 1 миллион 755 мың гектарлық тоғайлықлар пайда етилди. Баслы мақсет – аймағымызда Арал теңизи қурыўының ақыбетлерин азайтыў болып есапланады.

Усы мақсетлерди гөзлеген ҳалда бир неше жыллардан берли Президентимиздиң басламасы менен “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары да нәтийжели әмелге асырылмақта.


Мойнақ районында жойбар шеңберинде мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў ҳәм тәрбиялаў, жерлерди егиске таярлаў жумыслары аўызбиршиликли түрде даўам еттирилмекте.




Усы жыл 19-март күни район ҳәкимлигиниң басшылығында мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем баслықлары, хызметкерлериниң қатнасыўында 2024-жылғы жойбар шеңберинде алып барылатуғын жумысларға бағышланған илаж болып өтти.

Райондағы Бозатаў аўыл пуқаралар жыйынындағы мәмлекетлик тоғай хожалығына тийисли майданға район басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери, аймақ турғынларның қатнасыўында мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери егилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги