Өзбекстан Республикасы Бас министриниң бийлигине муўапық, усы жылдың 16-18-март күнлери «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени тийкарында улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилмекте. 

Барлық мәҳәллелерде Наўрыз улыўма халықлық байрамын мүнәсип түрде белгилеў ҳәм мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў мақсетинде мәҳәллелер, халықтың турақ жайлары, қыябанлар, зыярат орынлары, қойымшылықлар ҳәм балалар майданшаларын абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кеңеси ҳәм оған жақын жайласқан мәкемелердеги мийнет жәмәәтлери де бул ийгиликли иске өзлериниң үлесин қосыў мақсетинде улыўма халықлық шембилик ҳәрекетлерин аўызбиршилик пенен баслап жиберди.

Олар жумыс орынларын, имарат әтирапындағы пиядалар жолларын, көгалландырыў ушын белгиленген жерлерде абаданластырыў жумысларын алып бармақта. Мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери отырғызылып, қыйтақ жерлер аўдарылып, көгалландырыў жумысларына таярлаў ислери әмелге асырылады.




– Бүгин шембилик себепли таза ҳаўаға шығып, жер аўдарып, пиядалар жолларындағы бордюрларды ҳәклеп, ағартыў жумысларына қатнасып атырман. Халық пенен бирге, аўызбиршилик пенен әмелге асырылған жумыстың өз алдына заўқы бар, әлбетте. Наўрыз байрамын ылайықлы күтип алыў мақсетинде усындай абаданластырыў жумысларына белсене қатнасыўға бәрқулла таярмыз,-дейди А.Бөрибаев.

Барлық орынларда, мийнет жәмәәтлеринде улыўма халықлық қайырқомлық шембилик қызғын даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги