«Биз Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири ҳәм мәплерин тәмийинлеўди өз алдымызға уллы мақсет етип қойған екенбиз, бул жолда халқымыздың денсаўлығын беккемлеў ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири болыўы тәбийғый»-деген еди мәмлекетимиз басшысы денсаўлықты сақлаў хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўында.

Сол айтқандай, соңғы жыллары халық хожалығының барлық тараўлары сыяқлы, медицина тараўын да түп-тийкарынан реформалаў, емлеў мәкемелерин жетик кадрлар ҳәм заманагөй әсбап-үскенлер менен тәмийинлеў, хызметкерлердиң мийнет ҳақыларын көбейтиў бойынша бир қанша унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Бундай унамлы өзгерис ҳәм жаңаланыўлар Шымбай районлық медицина бирлеспеси турмысында да жүз бермекте. Атап айтатуғын болсақ, бирлеспеге мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында капитал реконструкция ҳәм ири оңлаў жумыслары жүргизилип, олар заманагөй аппаратуралар менен үскенеленди. Бул әсбап-үскенелердиң бирлеспеге алып келип орнатылыўы, медицина хызметкерлериниң мүшкилин жеңиллетип, наўқаслардың тез арада саўалып кетиўине себепши болмақта.




-Бөлимимиз 50 койкаға ийе болып, онда районымыздан тысқары, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларының турғынларына медициналық жәрдем көрсетиледи,-дейди бирлеспениң районлар аралық қоспа жарақатланыў ҳәм өткир жүрек қантамыр кеселликлери орайының шыпакери Ақылжан Қосайдаров.- Соңғы жыллары пүткил дүнья жүзинде болғанындай халқымыз арасында жүрек-қантамыр ҳәм ишемик инсульт  кеселликлери көбейип бармақта. Бул кеселликлерди тез ҳәм өз ўақтында анықлаўда орайымызға орнатылған заманагөй мультиспираллы компьютер томографиясы, узи, ПГЭДС ҳәм рентген аппаратлары айрықша орын тутып, көплеген инсанлардың өмири сақланып қалынбақта.

Ҳақыйқатында, заманагөй техникалар тек ғана дийқанның емес, ал, медицина хызметкерлериниң де қол-қанаты болып табылады. Буны шымбайлы шыпакерлер ҳәр күни өз турмысында көрип, оның айқын гүўасы болып жүр.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги