Пайтахтымызда Ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллығына бағышланып, «Саламат ана – саламат бала» сүрени астында дәстүрий ҳаяллар спорт фестивалы болып өтти.
Республикамыздан жәми 300 ге шамалас ҳаялларды жәмлеген спорт фестивалында барлық қала ҳәм районлардың командалары спорттың жети түри бойынша беллести.
Гимнастрада, жеңил атлетика, дартс, стол тенниси сыяқлы спорт түрлери бойынша пайтахтымыздағы 2-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби менен Олимпия резервлери колледжинде болып өткен жарысларда биринши орын Нөкис қаласының, екинши орын Хожели районы ҳәм үшинши орын Шымбай районының командаларына несип етти.
Өзиниң жақсы таярлығы менен көзге түскен басқа да командалар номинациялар бойынша жеңисти қолға киргизип, жеңимпазларға Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, Спорт министрлиги ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлер менен қәўендерлердиң баҳалы саўғалары тапсырылды.
Фестивальға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова қатнасты.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.