Өзбекстанның туризм индустриясы жедел раўажланыўы ушын қысқа мүддетте ең қолайлы шараят, экономикалық, ҳәкимшилик ҳәм ҳуқықый орталық жаратыў тийкарғы ўазыйпа есапланады.

Онда, әсиресе интерьеринде миллий қәдириятлар өз көринисин тапқан мийманханалар, хостел ҳәм шаңарақлық мийманханаларды көбейтиў әҳмийетли болып табылады. Бүгинги күнде исбилерменлер ҳәм инвесторлар тәрепинен жайластырыў қуралларын шөлкемлестириў бойынша ири жойбарлар әмелге асырылмақта.

Пайтахтымызда «Hotel Business-2024» форумы болып өтти. Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 5-январьдағы «Туризм тармағын жедел раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып 28 мийманханаға категория алғаны ушын субсидиялар ажыратылған. Солардан жетеўи 4 жулдызлы, 21 и 3 жулдызлы мийманхана болып есапланады. Категорияға ийе мийманханалардың тийкарғы бөлеги ҳүкимет тәрепинен инвесторларға жаңа мийманхана қурыў ҳәм оны үскенелеў ушын субсидия ажыратылыўы нәтийжесинде шөлкемлестирилген.

Белгили сырт ел брендлерин алып кириўге де итибар қаратылмақта. Бүгинги күнде республикамызда 12 сырт ел брендине ийе мийманхана жумыс алып бармақта.

Нызамшылыққа тийкарланып 3 жулдызлы категрия ушын 60 ханадан, 4 ҳәм 5 жулдызлы категория ушын 120 ханадан аз болмаған, бес қабаттан төмен болмаған мийманханалар 2026-жыл 31-декабрьге шекем пайдаланыўға тапсырылған жағдайда мийманхана категориясы тастыйықланғаннан соң, инвесторлардың жаңа мийманхананы қурыў ҳәм үскенелеў ушын кеткен қәрежетлериниң бир бөлеги Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаплап бериледи. Онда 3 жулдызлы категорияға ийе мийманханалардағы ҳәр бир хана ушын 40 миллион сум, 4 ҳәм 5 жулдызлы категорияға ийе мийманханалардағы ҳәр бир хана ушын 65 миллион сумнан ажыратылады.

Соның менен бирге, 2026-жыл 31-декабрьге шекем дүнья жүзиниң белгили ҳәм абырайлы мийманхана брендлеринен пайдаланыўшы Өзбекстан Республикасы резидентлери болғаншөлкемлердиң роялди қәрежетлери франчайзип шәртнама күшке кирген ўақыттан баслап, үш жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан белгили дәрежеде қаржыландырылады. Әлбетте, жаңа жайластырыў қуралларын шөлкемлестириўдиң өзи жетерли емес. Хызметкерлердиң маманлығы, оларда көрсетилетуғын хызметлер де оғада әҳмийетли тәрепи болып есапланады.

Тийкарғы итибарды мийманханаларда халықаралық көлемде хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў, жасыл технологияларды ҳәм мәлимлеме технологияларын енгизиўге қаратыў мақсетке муўапық.

Форумда «Миймандослық секторын раўажландырыўда жасыл экономика: жәҳән тәжирийбеси» атамасына айрықша итибар қаратылды. Буннан тысқары, халықаралық экспертлер мийманхана бизнесин экологиялық жақтан турақлы раўажландырыў тараўындағы алдынғы тәжирийбелерди усынды.

Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,

ӨзАның хабаршысы