Жаз мәўсиминиң басланыўы менен балалар да  жазғы дем алысқа шықты. Балалардың жазғы дем алысын мазмунлы өткериўди шөлкемлестириў ҳәм саўалландырыў илажларын өткериў мақсетинде исленип атырған жумыслар туўралы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң мәдений-ағартыў ҳәм спорт жумыслары бөлиминиң меңгериўшиси Жеңисбай Аяпов төмендегише  мағлыўмат берди:

Быйылғы жаз мәўсиминде республикамыз аймағындағы улыўма 27 балалар дем алыў орайларында 3395, ал 22 мектеп, лицей, колледж жанында шөлкемлестирилген күндизги дем алыў орайларында 7885 бала дем алады.

Буннан басқа,  кәсип-өнер колледжлери оқыўшылары ушын Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кеңеси жанындағы Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы ҳәм  Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық кеңеси тәрепинен «Мийнет ҳәм дем алыс орайы»,  «Тәрбия ҳәм спорт – саўалландырыў дем алыс орайы», сондай-ақ, зейинли балалар ушын «Интеллектуал раўажландырыў» дем алыў орайларын шөлкемлестириў режежестирилмекте.

Сондай-ақ, Ташкент қаласы, Ташкент, Жиззақ ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларындағы балалар дем алыў орайларына Қарақалпақстаннан «Меҳрийбанлық үйи» тәрбияланыўшылары, бағыўшысынан айырылған, кем тәмийинленген шаңарақлардан 3000 баланың кеўилли дем алып қайтыўы режелестирилген.

Усы жыл 31-май күни Ташкент қаласындағы «Сумча» дем алыс орайына 200 бала, 5-июнь күни Ташкент ўәлаятындағы «Меҳржон», «Бойчечак» дем алыў орайларына 200 бала жиберилип, олар кеўилли дем алмақта.

Ал, 10-июннен 12-август күнлери аралығында республикамыздың балалары «Конструктор», «Автомобилчи», «Автойулсоз», «Тонг», «Меҳржон», «Бойчечак», «Энержи», «Лочин», «Зилола», «Лидер-Машъал», «Сумча» дем алыў орайларында кеўилли дем алып қайтады.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы