Регионда экологиялық машқалаларды шешиўге усыныс бере алатуғын қәнигелерди таярлаў мақсетинде Өзбекстанда Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (“Green University”) ашылды.

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги бул университеттиӊ шөлкемлестириўшиси.

Ташкент ўәлаятында усы университеттиӊ ашлыў мәресими болып өтти.

Илажда Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамы (IUCN) Бас директоры Гретел Агилар, Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов ҳәм басқалар “Green University” диӊ региондағы экологиялық машқалаларды шешиўдеги орны ҳаққында пикир билдирди.

– Университеттиӊ ашылыўы экологиялық билимлендириўди раўажландырыўға хызмет ететуғын ири регионаллық баслама болды, – дейди Гретел Агилар. – Бул университет биологиялық көп түрлиликтиӊ жоғалыўы, климат өзгериўи ҳәм патасланыўдыӊ үш есе планеталық кризисин шешиўде жәрдем береди. Экологиялық билимлендириў арқалы университет бай тәбиятқа ийе регионды сақлаўға хызмет етеди.

Университет мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкеми болып, “Hub and Spoke” принципи тийкарында жумыс алып баратуғынын атап өтиў керек. Бул модель стратегиялық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў, бир пүтин оқыў системасын жаратыў, ресурсларды оптималластырыў, студентлер ҳәм қәнигелердиӊ ҳәрекетшеӊлигине тийкарланады. Сондай-ақ, жерлигикли қәнигелердиӊ потенциалын арттырыў, билим ҳәм тәжирийбе алмасыўға жәрдем береди. Ҳәзирги күни бирге ислесиў ушын университетке Уллы Британия, Жаӊа Зеландия, АҚШ ҳәм басқа мәмлекетлердеги халықаралық университетлердиӊ түрли профессорлары тартылмақта.

– Өзбекстан экологиялық патасланыўдан еӊ көп зыян көрип атырған аймақлар қатарына киреди, – дейди экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов. – Соннан келип шығып бул бағдардағы мәплеримизди халықаралық шөлкемлер дәрежесинде жедел тәризде қорғап барыўымыз керек. Илаж даўамында Орайлық Азия мәмлекетлеринен 5 өз алдына топар шөлкемлестирилди. Бул баслама Өзбекстан тәрепинен алға қойылды. Бул топар арқалы экология тараўындағы әҳмийетли мәселелер, өз шешимин күтип атырған машқалалар бойынша додалаўлар шөлкемлестириледи, усыныслар билдириледи. Топарда Өзбекстан тәрепинен де исенимли қарарлар усыныс етиледи.  “Green University”де халықаралық илимпазлардыӊ қатнасыўында Орайлық Азияда жыллар даўамында топланып қалған экологиялық машқалаларға шешим табыў мақсетинде илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығылады.


Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, “Green University”де билимлендириў мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында шөлкемлестириледи. Жетекши, тән алынған халықаралық имтихан системалары (TOEFL, IELTS, CEFR, SAT General, SAT Subject ҳәм басқа) серитфикатларына ийе абитуриентлер тийисли пәнлерден еӊ жоқары балл алады ҳәм усы пәнлерден имтиханнан азат етиледи.

Орайлық Азия мәмлекетлери пуқаралары ушын бакалавр оқыў бағдары бойынша кеминде 25, магистратура ҳәм докторантура  (PhD) қәнигеликлери бойынша кеминде 20 грант орынлары ажыратылады. Университетти тамамлаған Өзбекстан пуқаралары Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен Миллий кадрлар резервине, 5 жыллық мийнет стажына ийе болғаннан кейин қәнигелиги бойынша басшы лаўазымларға тайынланыўға перспективалы талабанлар дизимине киргизиледи.

Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ӨзА