Республикамызда халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Өзбекстан миллий олимпия комитети, Өзбекстан футбол ассоциациясы тәрепинен шөлкемлестирилген балалар футболы фестивалы болып өтти.

Еки күн даўам еткен илажда Өзбекстан миллий олимпия комитетиниң Президенти  Умид Аҳмаджанов, Өзбекстан олимпия сайланды командасының бас тренери Равшан Хайдаров, Өзбекстан 7-16 сайланды командасының бас тренери Азамат Абдраимов, Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзалары  Элдар Шамуратов, Атабек Шукуров, Жамшид Искендеров, Дәстанбек Хамдамов, футбол төрешиси Шерзод Касимовлар Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»нде, пайтахтымыздағы бир қатар мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде болды. Байрам мүнәсибети менен тәрбияланыўшыларға Президентимиздиң саўғалары тапсырылып,  футболшылар мастер класс шынығыўларын өткерди.

-Қарақалпақстанға биринши мәрте келиўим, солайда болса оның футболы туўралы көп еситкенмен,-дейди Россияның «Ростов» ҳәм Өзбекстан миллий сайланды командаларының ҳүжимшиси Элдар Шамуратов.- Бул үлкеден шебер футболшылар жетилисип шыққан ҳәм ўақтында оларға ҳәўес еткенбиз. Фестивальда қатнасып, футболға қызығатуғын, келешегинен үмит күттиретуғын жаслардың көп екенлигиниң гүўасы болдық. Келешекте олардың арасынан елимиз сайланды командасының ағзалары жетилисип шығады, деген үмиттемен.

 

Тийкарғы байрам илажы пайтахтымыздағы «Туран» стадионында болып өтти. Онда Өзбекстан миллий олимпиа комитетиниң Президенти  У.Аҳмаджанов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жыйналғанларды халықаралық балаларды қорғаў күни ҳәм балалар футболы фестивалының ашылыўы менен қутлықлады.

Дәслеп 7 жастан 11 жасқа шекемги 200 жас футболшы менен мастер класс шынығыўы өткерилип, оларға Президентимиздиң саўғалары тапсырылды. Буннан кейин Өзбекстан U-16  ҳәм Қарақалпақстан сайланды командаларының жолдаслық ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда есап ашылмады. Соң майданға Өзбекстан U-16 ҳәм Хорезм ўәлаяты сайланды командаларының футболшылары шықты. Қызығарлы өткен ушырасыў 1:1 есабында теңбе-тең жуўмақланды.

Фестиваль Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери менен жас атқарыўшыларының концерт бағдарламасы, республикамыз спорт мектеплери тәрбияланыўшыларының көргизбели шығыўлары менен жуўмақланды.

Илажға ЮНИСЕФ балалар шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы С. Грауманн қатнасты.  

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.