Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында түркий халықлар әдебиятының көрнекли ўәкили, өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшысы, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының туўылғанына 583 жыл толыўы мүнәсибети менен «Наўайы әдебий мийрасы ҳәм руўхый қәдириятлар» атамасында илимий-әмелий конференция ҳәм әдебий-көркем кеше шөлкемлестирилди.

Илажға илимпазлар, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.

Илажды институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров кирис сөзи менен ашып берди.

Конференцияда институттың өзбек тили кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы Г.Қурбаниязов «Әлийшер Наўайы – филолог», Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының доценти Т.Төрткүлбаева «Наўайы ҳәм Абайдың данышпанлық ой-пикирлери», Қарақалпақ әдебияты кафедрасының доценти Қ.Матимов «Әлийшер Наўайы ҳәм қарақалпақ әдебияты», Өзбек әдебияты кафедрасының оқытыўшысы З.Азилова «Наўайы шығармаларының қарақалпақша аўдармалары» атамаларында баянатлар жасады.


Атап өтилгениндей, Әлийшер Наўайының бай ҳәм көп қырлы дөретиўшилиги тек ғана өзбек әдебиятында емес, соның менен бирге, дүнья әдебиятында да салмақлы орынға ийе. Наўайы лирикалық, эпикалық ҳәм философиялық дөретпелери менен XV әсир әдебиятында терең из қалдырды. Уллы шайырдың шығармалары өзи өмир сүрип турған дәўирдиң өзинде Қытайдан баслап Киши Азияға шекем жетип барды. Ҳәзирги ўақытта да пүткил дүнья халықлары оның шығармаларын сүйип оқыйды.

«Ҳамса» дәстаны Наўайы дөретиўшилигиниң ең бийик шыңы болып табылады. Бул шығарма өзбек әдебиятының даңқын дүньяға көрсетип, жәҳән әдебиятының ең жақсы үлгилериниң бирине айланды.

Наўайының дөретиўшилигине нәзер аўдарсақ, поэзияның 16 түрли жанрында дөретиўшилик еткенлигин көриў мүмкин. Булар ғәззел, рубайы, туйық, фард, қитъа, муҳаллес, мусаддес ҳәм т.б. Усындай жанрларда Наўайы сыяқлы дөретиўшилик еткен шайырлар дерлик жоқ. Уллы шайыр қосық жазғанда тек ғана өзбек тилинен емес, ал басқа да тиллерден нәтийжели пайдаланған.

– Қарақалпақ әдебиятында «Жети жулдыздың бири» деп улығланған Әлийшер Наўайы дөретпелериниң қарақалпақша аўдармаларын 3 басқышқа бөлип үйрениў мүмкин,-дейди Өзбек әдебияты кафедрасының оқытыўшысы З.Азилова.

Биринши басқышта Наўайы дөретпелерин қарақалпақ тилине аўдарыў тийкарынан, 1937-жылы басланған. 1937-жылы 6-сентябрьде баспасөзде «Ләйли ҳәм Мәжнүн» қарақалпақ сахнасында» деген мақала жәрияланған. Шайырдың усы дәстаны тийкарында Шарип Хуршид либреттосы тийкарында Талибжан Садықов музыка жазып «Ашықлар дүньясына саяхат» деп атады. 1938-жылы Зуҳур Қабуловтың «Биз Наўайының «Ләйли Мәжнүнин» қарақалпақ сахнасында қалай көрсеттик» деп аталған мақаласы басылды. 1939-жылы Төрткүлде қарақалпақ тилинде биринши басылып шыққан «Әлийшер Наўайы» деп аталған топламда «Чор девони»нан алынған бир неше ғәззеллери менен бир қатарда «Фархад ҳәм Шийрин» ҳәм «Ләйли Мәжнун» дәстанларынан үзиндилер баспадан шықты. Әлийшер Наўайының 500 жыллығы мүнәсибети менен шайырдың ғәззеллери, «Ҳайрат ул-аброр» дәстанынан үзиндилер Б.Қайыпназаровтың аўдарыўында баспадан шықты. Наўайы мийраслары менен қарақалпақ китапқумарларын таныстырыўдың екинши басқышы 1960-1980-жылларға туўра келеди. Бул дәўирде жаңа дилмашлар әўлады жетилисип, 1968-жылы М.Матназаровтың аўдарыўында «Сабаий сайёр» дәстаны «Жети ықлым» атамасы менен китап болып шықты.

1977-жылы Наўайының бир дәсте ғәззеллерин, «Ҳайрат-ул аброр» дәстанынан үзиндилерди Д.Айтмуратов қарақалпақшалады. 1991-жылы аўдармашы бул китапты жаңа аўдармалар менен толықтырып, қайта баспадан шығарды. Наўайының бир жүз отызға шамалас ғәззеллери, ҳикметлеринен үлгилер, соның менен бирге, «Ҳайрат-ул аброр», «Ләйли ҳәм Мәжнүн» дәстанларынан баплар аўдармасы да бул жыйнаққа киргизилген.  Шайыр И.Юсупов тәрепинен 1985-жылы баспадан шығарылған «Мәңги булақлар» атлы аўдармалар топламында Наўайының 7 рубайысы, 2 ғәззели киргизилген.

Үшинши басқыш 1990-жылдан кейинги дәўирлер. 1991-жылы Ташкент баспаларының биринде, шайырдың туўылыўы мүнәсибети менен тағы бир аўдарма китап – «Дахо гули» баспадан шықты. Топлам Наўайының дүньяның бир неше тиллерине аўдарылған ғәззеллеринен ибарат. Китаптағы шайырдың он бир ғәззелиниң қарақалпақша аўдармасы белгили шайыр Ш.Аяпов қәлемине тийисли.

2020-жылы С.Ибрагимов ҳәм Д.Айтмуратов аўдармасында «Fәзеллер» атамасы менен топлам шықты. Онда Наўайының ғәззел, туйық, қитъа, рубайы жанрына тийисли дөретпелериниң аўдармасы, соның менен бирге, афоризмлери, «Ҳайрат-ул аброр» дәстанынан алынған үзиндилердиң аўдармасы орын алған. Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Баянатшылар тәрепинен Әлийшер Наўайының әдебий мийрасларын үйрениў, қайтадан баспадан шығарыў, халыққа жеткериў жумыслары ғәрезсизлик дәўиринде жоқары итибарда болғанлығы атап өтилди.

Илаж Түркий тиллер факультети талантлы жасларының атқарыўындағы Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги сәўлеленген көркем-әдебий бөлим менен даўам етти.



Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги