Президент Шавкат Мирзиёев мийўе-овощ жетистириў ҳәм азық-аўқат тармағын раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
2023-жылы мәмлекетимизде аўыл хожалығы 4,1 процент өскен. Бул тараўдағы экспорт дерлик 2 миллиард долларды қураған. Бирақ бар потенциал буннан бираз жоқары.
Сол себепли мәмлекетимиз басшысы 18-январь күни экспорт ҳәм санаат мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде мийўе-овощ жетистириўге байланыслы ўазыйпаларды да көрсетип өткен еди. Атап айтқанда, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигине жаңа потенциаллы базарлар табыў, экспортқа жарамлы өнимлердиң егилиўин шөлкемлестириў бойынша да жуўапкершилик белгиленди.
Агентлик тәрепинен өсимликлерди зыянлы организмлерден қорғаў, фитосанитариялық таза өнимлер жетистириў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша системалы жумыслар исленбекте. Соның ишинде, аймақлардағы стационар ҳәм мобиль лабораториялар арқалы 1 миллион 40 мың гектар жердиң топырақ анализи өткерилип, минерал төгинлерди қолланыў нормасы илимий тийкарда белгилеп берилди. Тараўда 7 жаңа мәлимлеме системасы енгизилип, 40 бағдар санластырылды.
Халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтларының 20 миллион долларға шамалас грант қаржылары тартылып, лаборатория ҳәм үскенелер жаңаланды. Атыз ҳәм бағларда химиялық қайта ислеў, импорт ҳәм экспорт өнимлерин экспертизадан өткериў избе-из даўам еттирилмекте.
Бундай илажлар мийўе-овощларымыздың сапасы ҳәм қәўипсизлигинде әҳмийетли фактор болмақта. Кейинги жылларда 80 мәмлекетке аўыл хожалығы өнимлериниң экспорты ушын 620 фитосанитариялық рухсатлар алынды, олар менен электрон мағлыўматлар алмасыўы жолға қойылды. «GSP+» системасы шеңберинде 200 мың гектар майдан халықаралық талапларға бейимлестирилди.
Мәжилисте усы жылы әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар додаланды.
Жуўапкерлер тараўдағы жумыслардың көлемин кеңейтип, усы жылы аўыл хожалығы өнимлериниң экспортын 3,5 миллиард долларға жеткериў мүмкин екенин айтты.
Буның ушын, бәринен бурын, мийўе-овощлар, палыз егинлери, жүзим ҳәм собықлы өнимлер жетистириў көбейтиледи. Аймақларда және 20 мобиль лаборатория шөлкемлестирилип, «uzagrolab.uz» электрон платформасына интеграцияланады. Пестицидлер айланысындағы барлық процесслер санластырылып, сапасыз пестицидлердиң елимизге алып келиниўи ҳәм нызамсыз саўдасы сапластырылады.
6 мың бағ, 3 мыңнан аслам жүзим атызлары ҳәм атыз майданлары, 344 қадақлаў кәрханасы сырт ел фитосанитариялық талапларына муўапықластырылады. Жоқары нәтийжели энтомофаглар алып келинип, зыянкес жәнликлерге қарсы жаңа түрдеги биологиялық гүрес жолға қойылады.
Халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў арқалы экспорт көлемлери қымбат базарларға бағдарланады. Сондай-ақ, және 8 мәмлекетке фитосанитариялық рухсат алынады. Мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилген халықаралық көргизбелерде экспортшы кәрханаларымыздың қатнасы кеңейтилип, анық буйыртпалар қәлиплестириледи. Ферғана, Самарқанд ҳәм Ташкент халықаралық аэропортлары аймағында мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўге қаратылған заманагөй инфраструктуралар шөлкемлестириледи.
Сырт ел тәжирийбеси тийкарында өсимликлерди қорғаў хызметкерлериниң маманлығы арттырылады. Халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда ҳәр бир өнимди жетистириў, сақлаў, қадақлаў ҳәм жеткерип бериў бойынша қолланба ислеп шығылады.
Мәмлекетимиз басшысы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, экспортқа жарамлы өнимлер жетистириў бойынша қосымша тапсырмалар берди.
ӨзА