Мәмлекетимиздиң Берлиндеги елшиханасында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар процеси ҳәм 2024-жылы раўажланыўдың тийкарғы бағдарларына бағышланған дөгерек сәўбети өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова басшылығындағы Өзбекстан делегациясының Германияға сапары шеңберинде шөлкемлестирилген бул дөгерек сәўбетинде Германия парламенти – Бундестагтың депутатлары, «Германия – Өзбекстан» дослық жәмийетиниң ағзалары, жәмийетшилик, исбилермен топарлары ўәкиллери, экспертлер, журналистлер ҳәм ўатанласлар қатнасты.

Елшиханамыз усынған мағлыўматқа бола, ушырасыўда Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова ҳәм делегация ағзалары реформалар процесинде нызамшылық, инсан ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы жаңа редакциядағы Конституциямызға киргизилген өзгерислер ҳәм олардың Инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдеги роли ҳаққында мағлыўмат берди. Онда мәмлекетимизде ҳәр қыйлы тараўларда әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, олардың Жаңа Өзбекстанды қурыўдағы мазмун-мәниси, әмелдеги орынланыўы бойынша ерисилип атырған нәтийжелерге әҳмийет қаратылды.

Онда Бундестагтың «Германия – Орайлық Азия» Парламент комитетиниң баслығы О.Шмидттиң атап өтиўинше, Өзбекстанның бүгин тез пәт пенен раўажланып атырғаны, әсиресе, турақлылық, халықтың абаданлық дәрежесиниң артып барыўы ҳәм раўажланыў ушын жаратылып атырған шараятларды мәмлекеттиң ең үлкен жетискенлиги болып есапланады. Депутат Германия Өзбекстанда алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

Сондай-ақ, илажда «Германия – Өзбекстан» дослық жәмийетиниң баслығы К.Дьюркоп еки мәмлекет арасындағы дослық байланысларға тоқтап өтти.

– Өзбекстан елшиханасы тәрепинен шөлкемлестирилген бул илажда қатнасып атырғанымнан қуўанышлыман. Бул дөгерек сәўбети Өзбекстанды германиялыларға және де жақыннан танытыўға ҳәм бирге ислесиўге шақырыўға хызмет етеди. Жумысым шеңберинде Өзбекстанда еки рет болдым. Еки мәмлекет басшылары тәрепинен әмелге асырылып атырған жоқары дәрежедеги өз-ара сапарлар Германия ушын Өзбекстан, қалаберсе, Орайлық Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиўдиң әҳмийетлилигинен дәрек береди. Илажда Өзбекстан бүгин ҳуқықый, демократиялық, дүньялық ҳәм социаллық мәмлекет қурыў жолында анық қәдемлер менен раўажланып атырғанынан хабардар болдық. Биз Өзбекстанның баслаған барлық реформаларын әмелге асырыўда қоллап-қуўатлаймыз ҳәм алға қойған барлық мақсетлерге ерисиўинде табыслар тилеймиз, – деди Германия Бундестагының депутаты, парламенттиң сыртқы байланыслар комитети, Орайлық Азия, Шығыс ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери бойынша жуўапкер ўәкили Андреас Ларем.

«Taxi-und Mietwagenverband Deutschland» транспорт компаниясының менеджери Патрик Майнхардтың сөзлерине бола, Өзбекстан Орайлық Азиядағы ең әҳмийетли мәмлекет. Мәмлекетлеримиз арасында узақ жыллардан берли беккем ҳәм дослық байланыслары бар ҳәм бул қатнасықлар өз-ара исенимге тийкарланады.

– Мен бәрқулла ўатанласларымызды бир рет болса да елиңизди барып көриўге, меҳри қайнап турған инсанлары, бай мәденияты ҳәм ески тарийхы, миймандослығын өз көзлери менен көрип келиўине шақыраман. Германия Өзбекстан менен сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди және де раўажландырыўға ҳәрекет етпекте. Германияның гезектеги ўазыйпасы Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге локомотив сыпатында өз үлесин қосыў болып табылады, – деди ол.

Өзбекстан – Германия еки тәреплемели қатнасықларды бундай илажлар арқалы жеделлестирип турыў әҳмийетли болып есапланады. Өзбекстанда бүгин нызамшылық тараўындағы өзгерислер, ҳуқықый ҳәм беккем социаллық мәмлекет қурыў жолында әмелге асырылып атырған жумыслр менен жақыннан таныстырыў мақсетинде жоқары дәрежедеги парламент делегациясының Германияға сапарының шөлкемлестирилгени ҳәр тәреплеме үлкен мазмун бағышлайды. Бул, өз гезегинде, еки мәмлекет арасында көп тәреплемели байланысларға кеңнен жол ашыўға хызмет етеди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА