19-январь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады. 

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы Мажлис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытып барылды.

Сенаттың қырқ тоғызыншы жалпы мәжилисинде дәслеп Олий Мажлис Сенатының 2023-жылдағы жумысының жуўмақларына бағышланған мәселе ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, өткен жыл даўамында Сенат Конституция ҳәм нызамларда белгиленген ўәкилликлери, сондай-ақ, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында сәўлеленген әҳмийетли бағдарлардан келип шығып жумыс алып барды.

Атап айтқанда, нызамшылық жумысын жетилистириў, парламентлик қадағалаўды күшейтиў, халыкаралық ҳәм парламентлераралық қатнасықларды кеңейтиў, жергиликли Кеңеслердиӊ жумысына жәрдемлесиў, халық пенен байланыстың нәтийжелилигине ерисиўде парламент тәсирин арттырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды.

2023-жылы миллий раўажланыяымыздың әҳмийетли бағдарларын қамтып алған ҳәм инсан қәдири деген уллы принципти өзинде жәмлеген жаңаланып атырған Конституция қабыл етилгенлигин атап өтиў керек.

Президентимиздиң басламасы менен қабыл етилген “Өзбекстан –2030” стратегиясы болса басланған реформаларымызды сапа ҳәм мазмуны жағынан жаңа басқышқа алып шығыўы менен әҳмийетли.

Бундай жедел жаңаланыўлар шараятында парламент, атап айтқанда, Сенаттың да орны ҳәм роли барған сайын артып бармақта. Әсиресе, сенаторлар усы жылы аймақларда нәтийжели жумыс алып барып, әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелердиң шешимине өз үлеслерин қосты.

Нызамшылық бағдарында жәми 91 нызам көрип шығылды. Нызамларды системалы таллаў ҳәм оларды жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў әмелияты даўам еттирилип, бир қатар нызамлардың орынланыўы, ҳукықты қолланыў әмелияты ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўин мониторинг етиў жуўмақлары бойынша Ҳүкимет алдына тийисли ўазыйпалар қойылды.

Парламент қадағалаўы шеңберинде Сенат жалпы мәжилисинде 8 мәрте ҳүкимет ағзалары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, аймақлар басшыларының мәлимлемелери тыңланды.

Снаторлар аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың ҳақылы түрдеги наразылықларына себеп болып атырған мәселелерди үйрениўге айрықша итибар берген ҳалда, сенаторлар тәрепинен Сенаттыӊ жылпы мәжилислеринде додалаў ушын 17 машқалалы мәселелер алып шығылды ҳәм олардан 9 ы унамлы шешилди. Қалған 8 и бойынша ҳәзирги ўақытта машқалаларды унамлы шешиў илажлары көрилмекте.

Сондай-ақ, бюджетти социаллық бағдарлаў, атап айтқанда, қаржыларды аймақларда халықты тәшиўишке салып атырған мәселелерди шешиўге бағдарлаўда Сенат белсене қатнаспақта.

Жыл даўамында Сенаттың аймақларда алып барған изертеўлери ҳәм оның жуўмақлары тийкарында ҳүкиметке киргизген усыныслары тийкарында орынлардағы машқалалы мәселелерди (мектеп, бақша, суўдан пайдаланыў, жол қурылысы ҳәм т.б) шешиўге улыўмалық есапта 1 триллион сумнан аслам бюджет қаржылары бағдарланыўы тәмийинленди.

Сенат комитетлери тәрепинен қадағалаў-таллаў жумысы шеңберинде аймақларда 80ге шамалас үйрениў өткерилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Халыкаралық парламент қатнасықлары шеңберинде сырт еллер, халықаралық шөлкемлер, халықаралық қаржы структуралары ҳәм бизнес ўәкиллери менен өткерилген 200ден аслам ушырасыўларда бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Еки тәреплеме парламент байланысларын ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде парламентлераралық топарлардың 10 мәжилиси болып өтти. Сенаттың басламасы менен 4 халықаралық илаж өткерилди.

Жергиликли Кеңеслердиӊ жумысына методикалық-әмелий жәрдем көрсетиў ушын жергиликли Кеңеслердеги депутатлар ушын турақлы түрде оқыў курслары, семинарлар шөлкемлестирилди.

Жергиликли Кеңеслердиӊ жумысын методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде халық депутатлары жергиликли Кеңеслери тәрепинен жергиликли бюджеттиӊ орынланыўы үстинен депутатлық қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша да парламент дипломатиясы бойынша әмелий қолланбалар ислеп шығылды.

Буннан тысқары, Сенат Баслығыныӊ басшылығында коррупция, адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў, ҳаял-қызлар мәселелери, гендер теңлигин тәмийинлеў, халықаралық рейтинглер менен ислесиў сыяқлы бир қатар әҳмийетли бағдарларда миллий структуралардыӊ жумысы избе-из даўам еттирилди.

Атап өтилген бағдарларда алып барылған реформалар нәтийжесинде мәмлекетимиз ушын әҳмийетли етип белгиленген абырайлы халықаралық рейтинглерде Өзбекстанның орны көтерилди.

Мәжилис даўамында Сенат жумысы жуўмақлары көрип шығылғаннан соң, 2024-жылға мөлшерленген парламент жоқары палатасының әҳмийетли ўазыйпалары белгилеп алынды.

Буннан соң, Сенаттың қырқ тоғызыншы жалпы мәжилисинде “Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң жумысын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киригизиў ҳақкында”ғы нызам сенаторлар тәрепинен додаланды.

Атап өтилгениндей, 2023-жылдың апрель айында улыўмахалықлық референдумы арқалы Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядагы Конституциясы қабыл етилди. Жаңа Өзбекстанды қурыўдың конституциялық тийкарлары беккемленди.

Соның менен бирге, бир қатар нызамлар, Президент пәрманлары ҳәм қарарлары, Ҳүкимет қарарлары қабыл етилип, жәмийетимиздиң барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеў илажлары корилмекте.

Конституциямызда беккемленип қойылған әҳмийетли мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша Олий Мажлис палаталары тәрепинен өз жумысларын тәртипке салыўшы Өзбекстан Республикасы нызамлары жаңа редакциядағы Конституцияға муўапықластырылмақта.

Атап айтқанда, парламент палаталарының жумысындағы параллеликти ҳәм бир-бирин тәкирарлаўшы ўәкилликлери анықластырылмақта, Сенат ағзалары жәми 100ден 65ке қысқартылмақта. Онда, ҳәр бир ҳәкимшилик-аймақлық бирликтен 4тен сенатор сайланыўы, 9ы Президент тәрепинен тайынланыўы белгиленбекте.

Сондай-ақ, Нызамшылық палатасы Спикериниӊ орынбасары саны 7ден 2ге қысқартылмақта. Онда Спикердиң орынбасарлары фракция ағзасы болыўы мүмкин емес екени ҳәм лаўазымда болыў дәўиринде сиясий партиядағы ағзалықты тоқтатып турыўы белгиленбекте. Буннан тысқары, Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың өзин-өзи тарқатып жибериў ўәкиллиги киргизилмекте. Бундай жағдайда Нызамшылық палатасында жаңа сайлаў 2 ай даўамында өткерилиўи, Сенаттың жаңа қурамы болса, 1 ай даўамында қәлиплестирилиўи нәзерде тутылмақта.

Және бир әҳмийетли тәрепи, 100 мыңнан аз болмаған пуқаралар, Сенат, Омбудсман ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы нызамшылық усынысларын Нызамшылық палатасына киргизиўи мүмкин екени ҳәм парламент тексериўин өткериў Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенат ағзалары арасынан теңлик тийкарында өткерилетуғын биргеликтеги арнаўлы комиссиясы тәрепинен өткерилиўи белгиленбекте.

Нызамның жоқарыда атап өтилген Сенат ағзалары саны ҳәм комитетлер атамаларын, Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасарлары саны ҳәм статусын белгилеўши қағыйдалары 2024-жылы гезектеги шақырықтағы Олий мажлис палаталарының жумысы басланғанынан әмелге киргизилиўи белгиленбекте.

Сенаторлардыӊ атап өткениндей, бул нызамның қабыл етилиўи улыўмахалықлық референдумда қабыл етилген жаңа редакциядағы Констититуцияның нормаларын әмелге асырыўға, сондай-ақ, нызамлардыӊ қағыйдаларын Конституциямызға муўапықластырыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте сенаторлар “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша жумыстың ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызамды көрип шықты.

Атап өтилгениндей, республикамызда пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша беккем ҳуқықый система жаратылды.

Мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ҳуқықты қорғаў уйымларының алдына жаңа ўазыйпаларды қоймақта ҳәм усы уйымларға жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жедел ҳәм нәтийжели қарарлар қабыл етиў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратыўға қаратылған.

Усы нызам менен “Оператив-излеў жумысы ҳаққында”ғы нызамға мағлыўматларды топлаў, оператив киргизиў, нықапланған операция сыяқлы оператив-излеў илажларын әмелге асырыў тәртибин айқынластырыў, сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкаларын беккемлеўди, оператив-излеў илажлары мәлимлеме-коммуникация технологияларын қолланған ҳалда өткерилиўи мүмкин екенин белгилеўди нәзерде тутыўшы қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Соның менен бирге, “Ишки ислер уйымлары ҳақкында”ғы нызамға жынаятлардың жағдайларын анықлаў, жынаятларды әмелге асырған шахсларды анықлаў ҳәм излеў, сондай-ақ, жазаны өтеўден бас тартып атырған яки бийдәрек жоғалған шахсларды излеў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының  имканиятларынан бийпул пайдаланыўға байланыслы ишки ислер уйымларының ҳуқықларын айқынластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерис киргизилмекте.

Буннан тысқары, “Ҳәкимшилик қамақты өтеў тәртиби ҳаққында”ғы нызамға ҳәкимшилик қамаққа алынған шахсларды қабыл етиў ҳәм сақлаў ушын мөлшерленген арнаўлы мәкемеде оператив-излеў жумысын әмелге асырыў мүмкин екенин белгилеўши қосымша киргизилмекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам жәмийетлик тәртипти сақлаўды ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин және де исенимли тәмийинлеўге, сондай-ақ, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша илажлардың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте “Айырым категориядағы жынайый кылмыслар ушын жуўапкершиликтиң либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Сенаторлардың атап өткениндей, мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын және де демократияластырыў ҳәм еркинлестириў, суд, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, нызамлылықты беккемлеў бағдарындағы бир қатар реформалар әмелге асырылмақта. Адамгершилик, әдилликти сүйиўшилик идеяларына тийкарланған нызамлар қабыл етилмекте.

Додаланған нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ушыўшысыз ушатуғын аппаратларды, олардың комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклерин нызамға қарсы түрде алып кириў, өткериў, сақлаў яки олардан пайдаланыў менен байланыслы ҳәкимшилик жуўапкершликити нәзерде тутыўшы жаңа норма киргизилмекте.

Атап айтқанда, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық нәтийжесинде анықланған ушыўшысыз ушатуғын аппаратлар мәмлекет есабына тартып алыныўы, нызамға қарсы түде ҳәрекетлерди әмелге асырған шахс, егер ушыўшысыз ушатуғын аппаратларды, олардың комлектлеўши ҳәм аўысық бөлеклерин өз ықтыяры менен тапсырса, жуўапкершиликтен азат етилиўи ҳәм усы категориядағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислер жынаят бойынша судлар тәрепинен көрип шығылыўы белгиленбекте.

Сондай-ақ, Жынаят кодексиниң 2444-статьясында белгиленген санкцияларға альтернатив жәрийма, мийнет арқалы дүзетиў жумыслары, еркинликти шеклеў сыяқлы жаза түрлери киргизилмекте, яғный усындай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин әмелге асырылған болса, жынайый жуўапкершилик нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың пикирине бола, нызамның әмелиятқа енгизилиўи нәтийжесинде нызамға қарсы түрде усы қылмысты биринши мәрте әмелге асырған шахслар ушын жынайый жуўапкершилик емес, ал, ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленип, бул, өз гезегинде, жәмийетимизде усы түрдеги жынаятлар көбейиўиниң алдын алыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, Сенаттың қырқ тоғызыншы жалпы мәжилисинде  “Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 248-статьясына қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары ишки ислер уйымларында ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, олардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаў, намысы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардың руўхый ҳәм физикалық раўажланыўына жәрдемлесиў бағдарында системалы жумыслар жолға қойылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Ҳүкиметиниң тийисли қарарлары менен ишки ислер уйымларының ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимлеринде жас өспиримлер мәселелери бойынша инспектор-психолог ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша инспектор лаўазымлары енгизилди.

Таллаўлар соны көрсетеди, ишки ислер уйымларының жас өспиримлер мәселелери бойынша инспектор-психологларында зәрүр ўәкиллик жоқ екени жас өспиримлер менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша өз ўақтында илажлар көрилиўине тосқынлық етпекте.

Соның менен бирге, зулымлық ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлардың мәмлекет тәрепинен қорғалыўын тәмийинлеў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыў мақсетинде қорғаў ордери талапларының орынланыўын қадағалаў бойынша ишки ислер уйымлары ҳаял-қызлар мәселелери бойынша инспекторларының жуўапкершилигин күшейтиў талап етиледи.

Усы нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 248-статьясына балаларды тәрбиялаў ҳәм оларға билим бериў бойынша миннетлемелерди орынламаўда, жәмийетлик орынларда темеки яки алкоголь өнимлерин қолланғанлықта, сондай-ақ, жас өспирим шахсты  жәмийетке қарсы ис-ҳәрекетлерге тартқанлықта айыплы шахсларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ушын ишки ислер уйымларының жас өспиримлер мәселелери бойынша инспектор-психологларына зәрүр ўәкиликлер берилиўин нәзерде тутыўшы қосымшалар киргизилмекте.

Буннан тысқары, ишки ислер уйымларының ҳаял-қызлар мәслелери бойынша инспекторларына басым өткерген ҳәм (яки) зорлықты әмелге асырған ямаса оларды әмелге аырыўға бейим болған шахс тәрепинен қорғаў ордери талапларын орынламағанлық сыяқлы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды рәсмийлестириў ўәкилликлери берилмекте.

Сенаторлардың пикирине бола, бул нызам ишки ислер уйымларының жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасына, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға байланыслы жумысының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде “Қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўдың және де раўажландырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде энергия турақлылығын тәмийинлеў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергияны үнемлеўши тежеўши технологияларды енгизиў, тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин жетилистириў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия дәреклериниң электр энергиясын ислеп шығарыўдыӊ улыўмалық көлеминдеги үлеси дерлик 10 процентти қурамақта.

Бул бағдарда Өзбекстан 2030-жылға шекем қайта тиклениўши энергия дәреклери қуўатын 27 гигаваттқа жеткерип, электр энергиясын ислеп шығарыўдың улыўмалық көлемин 40 процентке алып шығыў мақсет етилген.

Бул ҳәр жылы 25 миллиард куб метр тәбийғый газди үнемлеў, атмосфераға зыянлы шығындыларды 34 миллион тоннаға қысқартыў имканиятын береди.

Әлбетте, белгиленген көрсеткишлерге ерисиў ушын әмелдеги нызамларда айырым нормаларды қайта көрип шығыў талап етиледи.

Жоқарыда келтирилген зәрүрликке тийкарланып “Қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў ҳаққында”ғы нызамға “жасыл энергия” сертификатларын бериў ҳәм айланысқа киргизиўге, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Қуўатлығы 300 кВт ҳәм оннан жоқары болған қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланған ҳалда өндирилетуғын электр энергиясын бирден-бир электр энергиясы системасына жалғаў тек ғана усы дәреклер арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымнан дизимнен өткерилгеннен кейин әмлге асырылыўы нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, нызам менен Салық кодексине қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўға тийкарланған генерация объектлериниң “жасыл энергия” сертификатлары саўдасынан түскен дәрматларын пайда салығынан азат етиўге тийисли өзгерис киргизилмекте.

Сенаторлар бул нызам социаллық ҳәм турақ жай коммуналлық тараўларда, экономика тармақларында қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиўге, энергия нәтийжелилигин арттырыў арқалы республика аймақларындағы энергия жетиспеўшилигин сапластырыўға ҳәм инвесторлар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға ҳәм хошаметлеў механизмлерин белгилеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының Бажыхана кодексине бажыхана тәртип-қағыйдаларын және де жетилистириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шыгылды.

Соңғы жыллары мәмлекетимизде исбилерменлик жумысын әмелге асырыўды жеңиллестириў ҳәм хошаметлеў мақсетинде тараўға байланыслы бир қатар тәртиплер сын көзқарастан қайта көрип шығылып, ескирген, заман талабына жуўап бермейтуғын бюрократиялық тосықлар бийкар етилгенлигин атап өтиў керек.

Көрилген илажлар нәтийжесинде республикада исбилерменлик орталығы жақсыланып, исбилерменлик субъектлери ҳәм жеке инвесторлар ушын кең имканиятлар жаратылды.

Соның менен бирге, нызамшылықты халықаралық нормаларға сәйкеслендириў арқалы сыртқы саўданы және де либералластырыў зәрүрлиги бар.

Додаланған нызам нызамшылықтағы бослықларды сапластырыўға, товарларды алып кириўде бажыхана қунын анықлаўға тийисли нормаларды халықаралық стандартларға муўапықластырыўға қаратылған.

Нызам менен тараўға жаңа әмелиятлар енгизилмекте.

Атап айтқанда, бажыхана аймағы реэкспорт бажыхана режимине жайластырылған товарларды алып шығыў бойынша анық мүддетлер, сондай-ақ, реэкспортқа алып шығылмаған товарларды сақлаў орынлары белгиленбекте.

2018-2020-жыллары бажыхана қоймаханаларына 488 партиядағы баҳасы 186,8 миллион долларға теӊ 125,6 мыӊ тонна товарлар алып келинген болып, бүгинги күнге шекем “бажыхана қоймаханасы” бажыхана режиминде мүддети өткен ҳалда сақланбақта.

Бул нызам товарлар бир неше мәрте бажыхана қоймаханасы бажыхана режимине жайластырылғанда яки басқа шахсқа өткерилгенде бажыхана қоймаханасы бажыхана режиминиӊ улыўмалық әмел етиў мүддети 3 жылдан артпаўы бойынша анықластырыўшы норма менен толықтырылмақта.

Сондай-ақ, нызамға бола ендигиден былай товарларды бажыхана аймағында қайта ислеўдиӊ технологиялық процеси ҳаққындағы ҳүжжет киши түрдеги шөлкемлерден емес, ал тек ғана ири мәмлекетлик үлеси болған шөлкемлерден талап етиледи.

Бул жеӊиллик исбилерменлер ушын қайта ислеў режиминен нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди.

Буннан тысқары, нызам менен товарлар шығарылып жиберилгенге шекем тайынланған бажыхана экспертизасыныӊ нәтийжелери алынғанға шекем товарларды шығарып жибериўге рухсат берилмекте.

Алып шығылатуғын товарларға тоқтатып турыў илажын көриў мүмкин екени бойынша норма киргизилмекте. Бул әмелият товарлар экспортын әмелге асырыўшы миллий өндириўшилерге қолайлықлар береди. Атап айтқанда, бул өзи ислеп шығарылған товарлардыӊ контрафакт нусқаларын сырт елге экспорт етиўдиӊ алдын алады, сырт мәмлекетлерде миллий брендлеримиздиӊ абырайын арттырады, ҳадал бәсеки орталығын (басқаныӊ брендин урламаў) тәмийинлейди.

Сенаторлардыӊ атап өтиўинше, бул нызам миллий нызамшылықтыӊ халықаралық стандартларына муўапықластырылыўын тәмийинлеўге, сондай-ақ, экономикады теӊдей бәсеки ушын шараятлар жаратыўға ҳәм сырт ел инвестицияларын кеӊнен тартыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине Өзбекстан Республикасыныӊ миллий нызамшылығын Жәҳән саўда шөлкеминиӊ келисимлерине муўапықластырыўды нәзерде тутыўшы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Нызамда интеллектуаллық мүлк, реклама ҳәм мәмлекетлик бажы менен байланыслы болған миллий нызамшылықтыӊ бир қатар нормаларын Жәҳән саўда шөлкеминиӊ талапларына бейимлестириў мақсетинде “Ойлап табыўлар, пайдалы модельлер ҳәм санаат үлгилери ҳаққында”ғы, “Товар белгилери, хызмет көрсетиў белгилери ҳәм товар келип шыққан орын атамалары ҳаққында”ғы, “Реклама ҳаққында”ғы, “Дәри қураллары ҳәм фармацевтика жумысы ҳаққында”ғы ҳәм “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў нәзирде тутылған.

Атап айтқанда, “Ойлап табыўлар, пайдалы модельлер ҳәм санаат үлгилери ҳаққында”ғы нызамға киргизилген өзгерис жыллар даўамында санаат өндирисине енгизилмеген ойлап табылыўларды яки пайдалы модельлерди әмелиятқа енгизиўди тәмийинлеўге, жаӊа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыўға ҳәм базарды толтырыўға хызмет етеди.

Буннан тысқары, “Реклама ҳаққында”ғы нызам Жәҳән саўда шөлкеминиӊ Хызметлер саўдасы бойынша бас келисиминде нәзерде тутылған нормалар менен өз-ара муўапықластырылып, еркин бәсеки орталығыныӊ жаратылыўы нәзерде тутылған.

Нызамға киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға тийкарланып сырт елде ислеп шығарылған пивоны, тәбийғый ҳәм көбикленетуғын виноларды реклама етиў бойынша шеклеў бийкар етилип, буныӊ менен базарда бәсеки орталығыныӊ жүзеге келиўине шараят жаратылмақта.

“Дәри қураллары ҳәм фармацевтика жумысы ҳаққында”ғы нызамға да Жәҳән саўда шөлкеми келисимлеринен келип шығып, қосымша нормалар киргизилип атырған болып, оған бола, фармацевтика тараўына клиникалық изертеўлерден алдынғы ҳәм клиникалық изертеўлер нәтийжелери бойынша алынған мағлыўматларды нәтийжели қорғаў механизмин енгизиў арқалы оригинал дәри қуралларын ислеп шығарыўшылардыӊ ҳуқықы қорғалмақта.

“Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамға сырт ел инвестициялы ҳәм жергиликли кәрханаларға бир түрде исбилерменлик жумысын әмелге асырыўға қаратылған өзгерислер киргизилмекте. Яғный, сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларды мәмлекетлик дизимнен өткергенлиги ушын мәмлекетлик бажы ставкасы базалық есаплаў муғдарыныӊ 10 есесинен 1 есесине шекем түсирилмекте.

Нызамда ойлап табыўлар, пайдалы модельлер, санаат үлгилерин ҳуқықый қорғаў ушын патент бериўге, рәсмий экспертиза өткериўге ҳәм мағлыўматларды жәриялаўға талапнама бериў ушын мәмлекетлик бажылардыӊ муғдарлары Интеллектуаллық мүлктиӊ саўда тәреплери бойынша ЖСШ келисими талапларына сәйкеслендирилмекте.

Сенаторлардыӊ пикирине бола, бул нызамныӊ қабыл етилиўи миллий нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми келисимлериниӊ талапларына муўапықластырыў арқалы Өзбекстанныӊ ЖСШға ағза болыў процесиниӊ жеделлесиўине ҳәм интеллектуаллық мүлк объектлериниӊ қорғалыўын тәмийинлеўге, Өзбекстан Республикасы ҳәм сырт елли инвесторларға бир түрдеги шараятлар ҳәм теӊ бәсеки орталығын жаратыўға хызмет етеди.

Додалаўдан соӊ сенаторлар усы нызамныӊ әҳмийетлилигин ҳәм зәрүрлигин итибарға алып, оны мақуллады.

Усыныӊ менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ қырқ тоғызыншы жалпы мәжилисиниӊ биринши күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатыныӊ

Мәлимлеме хызмети