Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында “Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясыныӊ жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириў” темасында шөлкемлестириў конференциясы болып өтти.

Онда Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясын дүзиў ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириў, ассоциация Уставы ҳәм Нышанын, аймақлық бөлимлериниӊ Үлги режелерин тастыйықлаў, ассоциациясыныӊ Қадағалаў-тексериў комиссиясы баслығы ҳәм ағзаларын сайлаў, сондай-ақ, ассоциация ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлери, мәҳәлле белсендилери алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққындағы мәселелер додаланды.

Әнжуманда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Норбоева, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ кеӊесгөйи, Республикалық мәҳәллени қоллап-қуўатлаў кеӊеси баслығыныӊ биринши орынбасары Ғ.Мирзаев, министрлик ҳәм уйымлардыӊ басшылары, республикадағы бирге ислесиўши шөлкемлердиӊ ўәкиллери, сондай-ақ, ўәлаятлардан 140 делегат қатнасты.

Конференцияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Норбоева мәҳәлле ҳақыйқый халық мәплерин гөзлейтуғын, халықтыӊ машқалаларын еркин шеше алатуғын, мәмлекетлик уйымлардыӊ жумысы үстинен нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды орнатыўға ылайықлы жетекши пуқаралық жәмийети институтына айланғанын атап өтти. Мәҳәллениӊ орынларда халықтыӊ эксперти ҳәм жәрдемшиси, керек болса, “әдиллик тәрезиси”не айланыўы, әлбетте, адамлардыӊ мәмлекетке болған исенимин және де беккемлейди.

Ҳақыйқатында, соӊғы жыллары мәҳәлле институтыныӊ статусы Конституция дәрежесинде беккемленди. Мәҳәлле системасы реформалардыӊ орайлық ҳәм шешиўши буўынына айланды. Әсиресе, барлық тараў ҳәм бағдарлар бойынша “мәҳәлле кесиминде”, “үйлер кесиминде”,  “шаӊарақ кесиминде”  ислесиў системасы кеӊнен енгизилип, “Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле” принципи әмелиятқа енгизилди.

Соӊғы жети жылда системаны жетилистириўге байланыслы 100ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилип, мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси ҳәм профилактика инспекторынан ибарат тәсиршеӊ структураныӊ жумысы жолға қойылғаны унамлы нәтийже берди. Буныӊ тастыйығын мәҳәллелерде исбилерменлик раўажланып, жаӊа жумыс орынлары, турақлы дәрамат дәреклери жаратылғаны, турақлы социаллық-руўхый орталық беккемленип, жынаятшылық азайып атырғаны мысалында көриў мүмкин.

























Мәҳәллениӊ айрықша социаллық жәрдем бериў бағдарындағы ўәкиллиги күшейтилди. Енди “Темир дәптер”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Ҳаял-қызлар дәптери” арқалы социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм субсидиялар ажыратыў “мәҳәлле жетилиги”ниӊ биргеликтеги қарары тийкарында әмелге асырылады. Нызам ҳүжжетлерине киргизилетуғын өзгерислер менен “жетилик” ағзаларын тайынлаўда мәҳәлледе жасайтуғын кандидатураларға үстинлик бериледи. Мәҳәлле баслығыныӊ мағлыўматы ҳәм маманлығы бойынша талаплар белгиленип, олардыӊ ўәкиллик мүддетин 3 жылдан 5 жылға өзгертиў нәзерде тутылмақта.

Итибарлы тәрепи, ҳәр бир мәҳәлле өз бюджетине ийе болады. Мәҳәллеге қосымша күш ҳәм имканиятлар берилмекте. Бул дегени ўәкиллик те, жуўапкершилик те төменги системаға түспекте.

Президентимиздиӊ 2023-жыл 21-декабрьдеги “Мәҳәлле институтыныӊ жәмийеттеги ролин түп-тийкарынан арттырыў ҳәм оныӊ халықтыӊ машқалаларын шешиўде биринши буўын ретинде ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм “Өзбекстан мәҳәллелери ассоциацияныӊ жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары менен мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаўды және де жетилистириў бағдарында әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

Усы пәрман ҳәм қарар тийкарында Республика, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район ҳәм қалалық мәҳәллени қоллап-қуўатлаў кеӊеслери, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы ҳәм оныӊ аймақлық структуралары шөлкемлестирилди.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша делегатлардыӊ пикир-усыныслары тыӊланды. Онда мәҳәлле системасындағы өзгерислер, оныӊ жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм абырайын арттырыў бағдарындағы басламалар, “мәҳәлле жетилиги”ниӊ жумыс бағдарлары ҳаққында сөз етилди.

Президент пәрманы ҳәм қарарында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар бирме-бир талланды. Делегатлар мәҳәлле системасын жетилистириўге байланыслы усынысларын ҳәм басламаларын билдирди.

Конференцияда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Делегатлар Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясыныӊ баслығы лаўазымына Қаҳрамон Қуронбоевтыӊ кандидатурасын бир аўыздан мақуллады.

Жаӊадан шөлкемлестирилген Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясына  мәҳәллениӊ халық пенен мәмлекет арасында көпир ўазыйпасын атқарыў жуўапкершилиги жүкленбекте. Бир сөз бенен айтқанда, Президентимиздиӊ басламасы менен турмысымызға енгизилип атырған жаӊалық ҳәм өзгерислер мәҳәллениӊ халықшыл структураға айланыўына хызмет етеди.

Конференция қатнасыўшылары атынан мәҳәллелер белсендилерине Мүрәжат қабыл етилди.

Шаҳноза Маматуропова,  

ӨзА