Усы жыл 25-май күни Беруний ҳәм Төрткүл районларында қайырқомлық илаж – «Ҳеш ким меҳир-итибардан шетте қалмасын» атлы акция шөлкемлетирилди.

 

 

Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басшылары Беруний ҳәм Төрткүл районларына барып жергиликли ҳәкимиятлардың,  Өзбекстан Жаслар аўқамының, майыплар жәмийетиниң районлық бөлимлери басшылары менен биргеликте Беруний районында жасайтуғын Қизтура Қадирова, Шерзод Сатимов, Журабек Жумабаев, Камилжан Шамуратов, Төрткүл районында жасайтуғын Алмахан Рузумбетова, Феруза Абаева,  Феруза Исмайловалардың үйлеринен хабар алып, оларға «Ватанпарвар» шөлкеми тәрепинен таярланған азық-аўқат өнимлеринен ибарат саўғаларын тапсырды.

 

 

– Бул акция «Ватанпарвар» шөлкеми тәрепинен жыл даўамында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша Қарақалпақстан Жаслар аўқамы менен дүзилген келисимге муўапық әмелге асырылмақта,-дейди  «Ватанпарвар» шөлкеми Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Мийирбек Шамуратов. – Акцияның баслы мақсети – жас шаңарақларды, имканияты шекленген ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж жасларды руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап қуўатлаў болып есапланады. Усы мақсетте аймақтағы майыплығы болған, кем тәмийинленген жаслардың статистикалық мағлыўматлары алынып, оларға мәнзилли жәрдем көрсетиў илажлары алып барылмақта.

Усындай илажлар келеси айда Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районында, кейинги айларда гезеги менен басқа да районларда әмелге асырылыўы режелестирилген.

 

Әдилбай Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(Сүўретте: Өткерилген илажлардан көринислер).