Президент басшылығында өткерилип атырған Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ мәжилисинде бул ҳаққында тоқтап өтилди.

Музыка ҳәм аяқ ойын көркем өнерин раўажландырыўға қаратылған илажлар әмелге асырылады.

Атап айтқанда, “Баҳор” аяқ ойын ансамбли алдын Филармония жайласқан белгили көркем өнер сарайында жумыс алып баратуғын еди.

Белгили қосық ҳәм аяқ ойын ансамбльлериниӊ сырт елге гастроль сапарлары көбейтиледи.

Музыка ҳәм аяқ ойын көркем өнери мәселелерин илимий үйрениў, тараўда илимий кадрларды көбейтиў мақсетинде илимий изертлеўлер ушын грантлар енгизиледи.

Сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик циркиниӊ имаратын оӊлаўдан шығарыў  бойынша да илажлар көриледи.

ӨзА