Өзбекстан ҳәм Қазақстан еӊ жақын қоӊсылар ҳәм ўақыт сынағынан өткен стратегиялық бирге ислесиўшилер болып есапланады.
Кейинги жыллары мәмлекет арасында бирге ислесиўдиӊ жаӊа дәўири басланды, сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўлардағы қатнасықлар жедел раўажланбақта.
Мәмлекетимиз басшысы 2023-жыл 30-ноябрьде “Өзбекстан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманы (Ташкент, 2022-жыл 22-декабрь) ратификациялаў ҳаққында”ғы нызамға қол қойғаны еки мәмлекеттиӊ аўқамласлық қатнасықларыныӊ және де раўажланыўына хызмет етеди.
Усы жыл 1-декабрьден күшке кирген бул нызам менен ратификацияланған шәртнамада сыртқы сиясат, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик, миграция, санаат кооперациясын раўажландырыў, трансшегаралық суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша биргеликтеги илажлар қабыллаў, парламентлер, сиясий партиялар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер арасындағы байланысларды беккемлеў сыяқлы тараўларда тығыз бирге ислесиў нәзерде тутылған.
Шәртнаманыӊ ратификацияланғаны еки халықтыӊ мәнаўий-мәдений жақынлығын қоллап-қуўатлаўға, мәденият, илим, билимлендириў ҳәм спорт тараўындағы өз-ара байланысларды беккемлеўге хызмет етеди.
Шәртнама қосымшасында мәмлекет басшылары басшылық ететуғын Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы Жоқары мәмлекетлераралық кеӊеси ҳаққында реже келтирилген.
Н.Абдураимова,
ӨзА