Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы байрамы күни Нөкис қаласындағы “Гөне қала” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында ҳәр бири 7 қабатлы 10 турақ жай имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп,  жыйналғанларды Тийкарғы Нызамымыз қабыл етилген күн ҳәм жаңа турақ жай имаратларыныӊ пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соӊғы жыллары Президентимиздиң басшылығында елимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында республикамыздыӊ социаллық-экономикалық турмысында, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларын абат етиў, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, жаслар ушын жоқары оқыў орынларына қосымша квоталардыӊ ажыратыў ҳәм оқыўын көшириўи ушын имканият бериў ҳәм басқа да бир қатар бағдарларда көплеген әмелий жумыслар алып барылды.

Ҳәр бири 42 квартираға ийе жәми 420 квартирадан ибарат жаңа турақ жайларды қурыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 96,2 миллиард сум кредит қаржылары ажыратылып, усы турақ жайлардан 20 квартира Президентимиздиң тапсырмасы менен көзи әззи ҳәм имканияты шекленген пуқараларға қайырқомлық есабында берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумының қарары менен жаңадан қурылған массив ишки жолларды, көп қабатлы турақ жайлардың ишимлик ҳәм ақаба суў тармақларын қурыў ҳәм насос станциясын реконструкциялаў, әтирапын абаданластырыў ушын тийисли қаржы ажыратылды.

Илаж қатнасыўшылары жаӊа турақ жайларда жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.