Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер, аўыл хожалығы хызметкерлери!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, сизлер арқалы өз турмысын аўыл хожалығы тараўына бағышлаған барлық мийнеткеш инсанларды, пүткил халқымызды қутлы байрам – Аўыл хожалығы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлайман.
Бәршемиз жақсы түсинемиз, ҳәзирги оғада қыйын климат шараятында көплеген сынақ ҳәм қыйыншылықларға қарамастан, жерден мол өним жетистириў – бул ҳақыйқый мәртлик үлгиси болып есапланады.
Халқымыз сиздей мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлер, шебер суўшы ҳәм ирригаторлар, өз исиниң ҳақыйқый устасы болған механизатор ҳәм агрономлар, тәжирийбели шарўа ҳәм пиллекешлер, жанкүйер илимпаз ҳәм изертлеўшилер, кластер хызметкерлери тымсалында мине усындай пидәкер инсанларды көреди ҳәм елдиң дастурханын мол етиў жолындағы абырайлы ҳәм ҳүрметли мийнетиңизди жоқары қәдирлейди.
Әйне сизлердиң ҳәрекетлериңиз бенен ески дәстүрлерге ийе болған өзбек дийқаншылық мектеби раўажланбақта, аграр тараўының раўажланыўы жаңа басқышқа көтерилмекте. Буның дәлийлин усы жылы мәмлекетимизде биринши рет 8 миллион 200 мың тонна ғәлле, 3 миллион 800 тонна пахта, 15 миллион тоннадан аслам овощ ҳәм палыз, 5 миллион тонна мийўе ҳәм жүзим, 4 миллион тонна картошка, 26 мың тонна пилле жетистирилгени мысалында айқын көриў мүмкин.
Әлбетте, мине усындай пидәкерли мийнет ҳәм үлкен нәтийжелер ушын сизлерге елимиз атынан ҳәр қанша ҳүрмет ҳәм мақтаўлар айтсақ арзыйды.
Әзиз дослар!
Хабарыңыз бар, кейинги жылларда аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларымызда тийкарғы итибарды суў ҳәм жер ресусрларынан ақылға уғрас пайдаланыў, өндириске заманагөй технологияларды жедел енгизиў, хожалық ҳәм кәрханалардың материаллық-техникалық базасы менен кадрлар потенциалын беккемлеў, ең әҳмийетлиси, дийқан ҳәм фермерлердиң аўырын жеңил етиўге қаратпақтамыз. Усы мақсетте 800 ден аслам агрокластерлер шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде пахта ҳәм ғәллениң 100 проценти, мийўе-овощ өнимлериниң 60 проценттен асламы әйне солар тәрепинен жетистирилмекте.
Усы жылы атыз мийнеткешлерине 10 мың 500 ден аслам жоқары өнимли техника ҳәм агрегатлар жеткерип берилди. Тараўға санластырыў процесслери, тамшылатып суўғарыў технологиялары, инновациялар жедел кирип бармақта.
Шөллениў, жерлердиң шорланыў ҳәм деградациясына қарсы гүресиў, топырақ өнимдарлығын арттырыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Ҳәзирги күнге шекем 500 мың гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилип, 3 миллиард куб метр суў жумсалғаны ҳәм дерлик 1 миллион гектар жердиң суў тәмийнаты жақсыланғаны мине усындай ҳәрекетлеримиздиң нәтийжеси болып есапланады. Усы жылы қосымша түрде 100 мың гектар жер пайдаланыўға киргизилип, азық-аўқат егинлериниң егилгени, мийўели бағ ҳәм жүзимзарлар жаратылғаны елимизде азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Тараўдағы мине, усындай өзгерислер процесинде халық дәраматларын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте кейинги еки жылда 200 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданлары қысқартылып, 670 мың ўатанласымызға таңлаў тийкарында берилди. Нәтийжеде 2 миллионнан аслам турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс орынлары жаратылып, қосымша 3 миллион тонна өним жетистирилди.
Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!
«Өзбекстан – 2030» стратегиясында барлық тараўлар қатарында аўыл хожалығы бойынша да әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп алдық. Соның ишинде, ресурсларды үнемлейтуғын инновациялық технологиялар тийкарында өнимниң өзине түсер баҳасын 30-35 процентке түсириў, суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген майданларды 1 миллион 500 мың гектарға жеткериў, сапалы ҳәм өнимдарлы сортларды, нәсилли шарўашылық нәсилин көбейтиўге, экологиялық таза өнимлер жетистириўге тийкарғы әҳмийет бериледи.
Мине, усындай жуўапкершиликли ўазыйпаларды әмелге асырыўда сизлер сыяқлы үлкен билим ҳәм тәжирийбеге ийе, мийнеткеш ҳәм исбилермен инсанларға сүйенемиз.
Өз гезегинде, мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз тараўды буннан былай да раўажландырыў, сизлердиң абырайлы мийнетиңизди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, аўыл халқының турмысын абат етиў ушын буннан былай да бар күш ҳәм имканиятларды жумсайды.
Сиз, әзизлерди бүгинги байрам менен және бир мәрте қутлықлап, жанажан елимиздиң экономикалық потенциалын арттырыў жолындағы ийгиликли жумысыңызда үлкен жетискенликлер тилеймен.
Шаңарақларыңызды қуўаныш, тынышлық-парахатшылық ҳәм берекет ҳеш қашан тәрк етпесин!
Бәрқулла аман-есен болың, әзизлер!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти