Лондондағы Ашық мағлыўматлар институты (ODI) баҳалаў системасы бойынша Өзбекстан Республикасының Ашық мағлыўматлар порталы data.egov.uz “Gold level” алтын дәрежедеги сертификатын алды.

 Бүгинги күнде Ашық мағлыўматлар институтының сертификатын дүньядағы 155 мыңнан аслам сайт ҳәм порталлар алған. Бирақ, дүньяда тек ғана 3 сайт ең жоқары болған “Platinum level” дәрежедеги сертиифкатқа ийе болған.

Сондай-ақ, дүньяда жәми 9 сайт ҳәм портал “Gold level” алтын дәрежедеги сертификатын алыўға миясар болған ҳәм олардың қатарына Өзбекстан Республикасының Ашық мағлыўматлар порталы data.egov.uz да қосылды.

Ашық мағлыўматлар сертификаты – ашық мағлыўматлардың басылыўын профессионалластырыў ушын тастыйықланған стандартлар топламына сәйкес келетуғын еркин сапа белгиси. Турақлы ашық мағлыўматлардан пайдаланыўды қоллап-қуўатлаў ушын ҳуқықый, әмелий, техникалық ҳәм социаллық талапларды қамтып алады.

Ҳәзирги күнде, Өзбекстан Республикасының Ашық мағлыўматлар порталында жәми 9 мыңға шамалас мағлыўматлар топламы 3 тилде (өзбек, рус ҳәм ингиз тиллеринде) жайластырылған.

Open Data Watch шөлкеминиң соңғы есабатында Өзбекстан “Ашық гендер мағлыўматлары индексинде” 69,7 балл топлаған ҳалда дүньядағы ең жақсы 20 мәмлекет арасынан орын алды.

Өзбекстан Республикасы Open Data Inventory (ODIN) ашық мағлыўматлар рейтингинде 195 мәмлекет арасында 70 балл менен 30-орынға көтерилди ҳәм Орайлық Азияда 1-орынды сақлап қалды.

Муҳайё Тошқораева,  

ӨзА