Бул ҳаққында Президенттиң сыртқы сиясат бойынша арнаўлы ўәкили БМШ штаб-квартирасында Өзбекстан басшысының БМШ Бас Ассамблеясының 78-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзине бағышланған брифингте мәлим етти. Оның сөзлерине бола, улыўма күн тәртибиниң ең әҳмийетли мәселелери бойынша турақлы форумлар өткериў арқалы Самарқанд басламасын әмелге асырыў глобал қарым-қатнасты қәлиплестириўге келисилген қатнас ҳәм шешимлерди излеўге, исенимди тиклеўге ҳәм глобал кескинликти төменлетиўге мүнәсип үлес қосады.

Бүгин ҳәр қашанғыдан да көбирек исеним ҳәм өз-ара түсиник, мәмлекетлердиң қарама-қарсылықларды келисилген ҳәм келисимли қатнаслар тийкарында шешиў қәбилети ҳәр қашанғындан да әҳмийетли болып есапланады.

Абдулазиз Комиловтың еслетип өтиўинше, мине, усындай шараятта Өзбекстан Президенти 2022-жылы «Улыўмалық қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолында Самарқанд тилеклеслик басламасы»н алға қойған еди. Оның мазмун-мәниси регионаллық ҳәм глобаллық машқалаларды биргеликте шешиў бойынша қарым-қатнасты жолға қойыўдан ибарат болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги