БМШ климат өзгериўи бойынша конференциясы (COP28) шеңбериндеги парламент сессиясында қатнасыў ушын Бирлескен Араб Әмирликлеринде әмелиий сапар менен болып турған Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация Дубай қаласындағы “Dubai Expo” орайында шөлкемлестирилген “Өзбекстан” павильоны менен танысты.

Өзбекстан COP28де Орайлық Азия павильоны астында қатнаспақта. Бул “Бир регион – бир даўыс” позициясын беккемлеўге қаратылған биргеликтеги ҳәрекет есапланады.

COP28 — Пүткил жер жүзилик климат форумында Өзбекстан еки: көк (blue) ҳәм жасыл (green) павильонда қатнаспақта.

Көк (“Blue”) зонадағы павильонда Өзбекстанның экологиялық потенциалы, атап айтқанда, Президентимиздиң басламасы менен жолға қойылған ҳәм дәстүрге айланған “Жасыл мәкан” жойбары, Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгерислерин үйрениў университети (“Central Asian Green University”) ҳәм Арал теңизиниң жағдайы ҳәм оны көклемзарластырыў бойынша мағлыўматлар орын алған.

Жасыл (“Green”) зонадағы павильонда болса екинши қабатта Президентимиз тәрепинен “Жасыл мәкан”, биологиялық көптурлилик, улыўма, экология тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар, видеороликлер ҳәм мәмлекетимиздиң туризм потенциалы көрсетилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги