Қытай Халық Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь республикамызға болған хызмет сапары даўамында,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев пенен бирге И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, «Саҳра лувры»нан орын алған экспонатларды тамашалады ҳәм музей басшылары менен өз-ара пикирлести.

Буннан соң Нөкис районы Саманбай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «KPC NUKUS HERBAL TECHNOLOGY» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен боян тамыр экстрактын ислеп шығарыў кәрханасы жумыслары менен жақыннан танысты.

Соны айтып өтиў орынлы, 5,4 млн. АҚШ доллары тийкарында иске түсирилген кәрханада  бүгинги күни 100 ден аслам пуқаралар жумыс пенен тәмийинленген болып, олар тәрепинен 2022-жылда 1,5 млн. доллар, 2023-жылда 1,8 млн. доллар өним экспортқа шығарылған.

Елши Юй Цзюнь кәрхананың ерискен нәтийжелери ҳәм алдағы  режелестирилип атырған жумыслары бойынша пикирлести.

Соның менен бирге, Қытай Халық Республикасының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь басшылығында қытайлы бир қатар исбилерменлер Нөкис қаласындағы IT-Parkте болды.

Бул жерде IT тараўына қызығыўшы жаслар ушын жаратылған имканиятлар менен танысты ҳәм Санлы технологиялар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы  басшылары менен телекоммуникация ҳәм IT тараўының раўажланыўы бойынша өз-ара сөйлесиўлер өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги