Өзбекстан әнжуманлар сарайында БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық бирге ислесиў бойынша екинши глобал форумы өз жумысын даўам еттирмекте.
Форумның ашылыўында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң глобал форум қатнасыўшыларына мүрәжатын Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева оқып еситтирди.
Мәмлекетимиз басшысының мүрәжатында айтылғанындай, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламетлераралық бирге ислесиў бойынша глобал форум дәстүрге айланып бармақта.
– Бул абырайлы әнжуман екинги мәрте елимизде болып атырғаны биз ушын үлкен мақтаныш болыўы менен бирге, Турақлы раўажланыў мақсетлери жолындағы ҳәрекетлеримиздиң халықаралық көлемдеги жоқары тән алыныўы, деп билемиз,-деди Т.Норбоева. – Исеним менен айтыўым мүмкин, турақлы раўажланыў бойынша жоқары дәрежедеги бул сиясий форум мәмлекетлердиң ерискен нәтийжелерин халықаралық жәмийетшиликке жеткериўде, өз-ара тәжирийбе алмасыўда, зәрүр усынысларды ислеп шығыў ҳәм басламаларды алға қойыўда әҳмийетли қарым-қатнас орталығы болып хызмет етпекте.
Норгул Абдураимова,
Носир Ҳайдаров (сүўрет)
ӨзАның хабаршысы