Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-ноябрь күни Саудия Арабстаны Патшалығының инвестициялар министри Ҳолид ал-Фалих басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Өзбекстан менен Саудия арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў ҳәм кең көлемли шерикликти буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, жоқары дәрежедеги келисимлерди сөзсиз әмелге асырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыў алдынан инвестициялар министри Өзбекстан жетекшисине Саудия Арабстаны Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд ҳәм Мийрасқор, Бас министр Муҳаммад бин Салмон Ол Саудтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жоллады.
Мәмлекетимиз басшысы кейинги жылларда өз-ара пайдалы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Өз-ара саўда көрсеткишлери, Өзбекстан экономикасына, бәринен бурын, «жасыл» энергетика тараўында Саудияның тиккелей инвестициялар көлеми, авиақатнаўлар саны артып бармақта.
Саудия раўажланыў фонды жәрдеминде денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, суў тәмийнаты ҳәм басқа да бағдарларда бир қатар социаллық әҳмийетке ийе жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстанның экономикалық имканиятларын кеңейтиў бойынша биргеликте фонд дүзилмекте.
Саудия делегациясының бул ретки сапары шеңберинде химия, энергетика, аўыл хожалығы, фармацевтика, IT ҳәм инфраструктураны раўажландырыў тараўларында 12 миллиард доллар муғдарында өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге қол қойылды.
Елимиздиң түрли аймақларындағы ири энергетика жойбарларын әмелге асырыўды жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Сондай-ақ, транспорт инфраструктурасы ҳәм коммуналлық хожалық, геология, ирригация, турмыслық шығындыларды қайта ислеў, жоқары билимлендириў, мийнет миграциясы бойынша улыўма баҳасы 11 миллиард доллар муғдарында жаңа жойбар ҳәм бағдарламаларды алға қойыўға келисип алынды.
Өзбекстанда «жасыл» энергетиканы раўажландырыўда ең үлкен инвестор ҳәм стратегиялық шерик болған «ACWA Power» компаниясы менен нәтийжели бирге ислесиў айрықша атап өтилди. Бүгинги күнде компания менен биргеликте баҳасы 7,5 миллиард доллар муғдарында жойбарлар әмелге асырылмақта.
Президентимиз Сырдәрья ўәлаятында 1,5 гигаватт қуўатлылыққа ийе заманагөй ыссылық электр станциясының жумысы ҳәм Ташкент ўәлаятында «жасыл водород»ты «пилот» тәризинде ислеп шығарыў қуўатлылықларын қурыў жумысларының басланып атырғанын қоллап-қуўатлады.
Сондай-ақ, министр Ҳолид ал-Фалихти Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы көп тәреплемели ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ҳәм ҳәр тәреплеме жәрдеми ушын «Дўстлик» ордени менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.
ӨзА