Ноябрь айында Японияда Хатико атлы ийттиң ҳүрметине илажлар болып өтти, деп хабар бермекте NHK World-Япония телеканалы.
2023-жылдың ноябрь айында белгили Хатико атлы ийттиң туўылған күниниң 100 жыллығы белгиленди.
Усы мүнәсибет пенен Акита префектурасының Одате қаласында халық ийттиң ҳүрметине байрамлар өткерди.
Хатико 1923-жылы туўылған. Ийт ийесин биринши мәрте көргенде ол бир неше ҳәптелик еди.
Үй ийеси, Токио университети профессоры оны Шибуя станциясына ислеў ушын кетип баратырған ўақытта таўып алды.
Ҳәр күни ийт ийесин жумысқа шығарып салатуғын әдети бар еди. Бирақ, профессор күтилмегенде университет кампусында қайтыс болды.
Ийт болса станциядан ийесиниң қайтыўын 10 жыл күтеди.
Бул ўақыя пүткил Токио халқына үлкен тәсир көрсетти. 1948-жылы Токиодағы Шибуя станциясында Хатикоға ескерткиш орнатылды, онда қайтыс болған ҳөжейинин күтип атырған опадар ийт сүўретленген.
Сырт елли туристлер усы ескерткишке үлкен қызығыўшылық пенен келип, оның қасында сүўретке түседи.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги