Музей-халықтың айнасы, өтмиштен бүгинги күнге шекем сақланып келген ҳәм мағлыўмат бериўши шежиреси есапланады. Ҳәр жылы елимизде 18-май «Халықаралық музейлер күни» үлкен көтериңкилик пенен белгиленип өтиледи.
Мине, усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы 1-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи тәрепинен «Реңлер симфониясына ийе түрмелер» ҳәм түрме ораўдың шеберлик сабағы өткерилди.
Оған мектеп оқыўшылары, музейде пидәкерли мийнет еткен ветеран апалар ҳәм ғабала хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Көргизбеге қойылған экспонатлар музейдиң этнография фондынан алынған болып, онда XIX-XX әсирлерге тийисли қарақалпақ ҳаял-қызларының бас орамасы есапланған түрмелердиң, орамаллардың ҳәр түрли үлгилери қойылған.
Илаж қатнасыўшыларына «Мухаллес» ансамблиниң концерт бағдарламасы қойып берилди.
– Музейимиздиң дүзилгенине келеси жылы 90 жыл толады. Бүгинги күнге шекем 70 мыңға шамалас экспонат топланған. Бул экспонатлар 7 фондта, яғный, баҳалы металлар, этнография, жаңа тарийх, тәбият, археология, фотосүўретлер ҳәм фотонегативлер, өнерментшилик фондларында сақланып келинбекте. Музейимиздеги бийбаҳа экспонатлар халқымыздың тарийхы, үлкемиз тәбияты, археологиялық естеликлерине оғада бай миллий мәдений мийрасларын өзинде сәўлелендирген болып, халқымызды пүткил дүньяға танытыўда үлкен әҳмийетке ийе деп ойлайман, – дейди музей директоры Венера Матекеева. – Музей бурын Қарақалпақ мәмлекетлик үлкетаныў музейи деп аталған болса, енди музей Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи деген жаңа атамаға ийе болды. Оның қурамына Мойнақ районындағы экология ҳәм Елликқала районындағы тарийх ҳәм археология музейлери бекитилген. Мойнақ районындағы экология музейинде 267, Елликқала районындағы тарийх ҳәм археология музейи фондында 2 381 дана экспонат сақланып, көргизбелер шөлкемлестирилмекте.
Музейдың экспозициясын заман талабына ылайық жаңа үскенелер, техникалық қураллар, 3D видео техникалары, инфокиоскалар менен толықтырып, музейди тамашалаўға келген мийманлар ушын хызмет етиўдиң жаңа усылларын енгизиў арқалы пүткил дүнья жәмийетшилигине халқымыздың бай тарийхын таныстырыў тийкарғы мақсет етип қойылған.
18-май «Халықаралық музейлер күни» мүнәсибетине арнап пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде де саат 10:00 ден 18:00ге шекем байрам илажы өткериледи.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы