Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров Ташкентте болып өтетуғын Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң он алтыншы саммитинде қатнасыў ушын 8-ноябрь күни мәмлекетимизге келди.

Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине буннан 38 жыл алдын тийкар салынғанын атап өтиў керек. Оның турақлы жумыс алып барыўшы секретариаты Тегеран қаласында жайласқан.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң (ЭБШ) он бесинши саммитинде тарийхы, дини, үрп-әдети ҳәм дәстүрлери жақын болған дос халықларымыз әзелден саўда-сатық ҳәм мәдений байланыслар менен тығыз байланыслы екенлигин атап өткен еди. Өзбекстан турақлы ЭБШ шеңберинде кең көлемли байланысларды және де раўажландырыў тәрепдары екенин атап өткен.


Ҳақыйқатында да, бул шөлкем өткен дәўир даўамында үлкен экономикалық потенциалға ийе ири регионаллық структураға айланды.

Икром АВВАЛБОЕВ,

Носиржан ҲАЙДАРОВ (сүўрет),

ӨзА