Усы жылдың 1-июнь күнинен баслап мәмлекетлик мәденият мәкемелериниң административлик-басқарыў, көркемлик-басқарыў, артистлик, дөретиўшилик ҳәм басқа хызметкерлерине және мәмлекетлик архивлери басшы хызметкерлериниң мийнет ҳақысы орташа 45 процентке көбейтилди. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.
Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 14-майдағы «Мәмлекетлик мәденият мәкемелери ҳәм мәмлекетлик архив хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў және материаллық жақтан хошаметлеўдиң жетилистирилген системасын киргизиў ҳаққында»ғы қарарында белгилеп берилген.
Қарар тийкарында, усы жылдың 1-июнь күнинен баслап Өзбек мәмлекетлик циркиниң, зоологиялық парклердиң, Мәденият министрлигиниң көзи әззилер ушын арналған китапханаларының ҳәм мәмлекетлик архивлериниң айрықша типтеги хызметкерлерине көп жыллық хызметлери ушын, театр-концерт шөлкемлериниң артистлик және дөретиўшилик хызметкерлери ушын белгиленген муғдарда ҳәр айда сыйлықлаў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, ғалабалық тамаша илажларын шөлкемлестириўден дәрамат алатуғын микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын белгиленген бирден-бир салық төлеми ставкасы 30 проценттен 5 процентке түсириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги