Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Самарқандта болып өтип атырған Өзбекстан- Франция бизнес форумы шеӊберинде “EDF” компаниясыныӊ баслығы ҳәм бас директоры Люк Ремон менен ушырасыў өткерди.

«EDF» дүньядағы атом электр станцияларын басқарыў бойынша еӊ ири компания болып, активлериниӊ көлеми 427 миллиард долларды қурайды. Электр энергиясын ислеп шығарыў, узатыў ҳәм тарқатыў менен шуғылланады.

Сәўбетте Президентимиз компанияныӊ Сырдәрья ҳәм Сурхандәрьядағы пуў-газ электр станцияларын қурыўда қатнасып атырғанын қоллап-қуўатлады, жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириўдиӊ әҳмийетлилигин атап өтти.

ӨзА