Усы жылдан баслап дәстүрий тәризде түрли бағдарларда сентябрь айы даўамында республикамыздың барлық аймақларында «Кеңпейил Өзбекстан» жаслар фестивалы өткериледи.
Бул фестиваль-елимиз жаслары арасында миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейиллик идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған болып, кең көлемли таңлаўлар менен бағларларды өзинде жәмлестирген ғалабалық илаж болып есапланады.
Фестивальға орта арнаўлы улыўма билим бериў мектеплери, кәсип-өнер колледжлери ҳәм академиялық лицей оқыўшылары, жоқары оқыў орынларының студент-жаслары, миллий мәдений орайлардың белсенди жаслары, кәрхана ҳәм мәкемелерде мийнет етип атырған жаслар, әскерий хызметкерлер, мәҳәллелерде жасайтуғын жаслар қатнасыўы мүмкин.
Фестивальдың мақсети – елимизде жаслар арасында миллий ғәрезсизлик идеяларын, халқымыздың бай мәдений мийрасын ҳәм руўхый – әдеп икарамлылық дәстүрлерин, миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик идеяларын кеңнен үгит – нәсиятлаў, кеңпейиллик ҳәм инсаныйлық пазыйлетлерди беккемлеў, жаслардың санасында «Өзбекстан-улыўма үйимиз» идеясының мазмун-мәнисин түсиндириўге қаратылған.
Фестиваль илажлары 3 басқышта әмелге асырылады. Апрель-май айларында Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткериледи. Фестивальдың «Өзбекстан-улыўма үйимиз» сүрени астында болып өтетуғын «Жазба ҳәм эсселер таңлаўы»на 14 жастан 20 жасқа шекемги жаслар өзлериниң шығармаларын өзбек, рус, инглиз ҳәм басқа да тиллерде усыныўы мүмкин.
«Қосықлар таңлаўы»на 10 жастан 30 жасқа шекемги барлық жаслар қатнасады.
Видеороликлер таңлаўы 14 жастан 30 жасқа шекемги жаслар арасында социаллық тармақларда #TolerantUzbekistan хэштегинде өткериледи.
Сүўретлеў өнери ҳәм фотосүўретлер таңлаўы, түрли миллет ўәкиллериниң миллий липаслары ҳәм тағамлары ярмаркасы 30 жасқа шекемги жаслар арасында өткериледи.
Фестиваль Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм шет еллер менен дослық байланыслары комитети, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилмекте.
Бул ҳаққында мағлыўмат берип барамыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги