Футбол бойынша Қарақалпақстан “Кушмаг” екинши лигасы отызыншы юбилей чемпионатында ертең Хожели районының “Хожа ели” ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командалары арасында финал ойын болып өтеди.

Шешиўши ойын алдынан дәслеп “Хожа ели” командасының бас тренери Махмуд Алланов, усы команданың сәрдары Аллаяр Реймов, кейин “НГПИ” командасының бас тренери Жамалатдин Бекмуратов, усы команданың ойыншысы Сохбет Муратовлардың қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти.

Атап өтилгениндей, бул чемпионат усы жылдың май айында басланып, онда бес аймаққа бөлинген ҳалда 23 команда қатнасты.  Аймақлық басқыш август айында тамамланды. Кейинги басқышқа 16 команда жол алған болса, ағзалық төлемлерин төлемеги ушын Тақыятас, Кегейли ҳәм Шоманай районының “Мамый” командалары чемпионаттан шетлетилди. Қалған командалар шек таслаў жолы менен еки топарға бөлинип, чемпионлық ушын гүрес алып барды. Соннан өз топарларында биринши орынларды ийелеген Хожели районының “Хожа ели” ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командалары финалға жоллама алды. Финал ойыны 2-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясының стадионында болып өтеди.

Баспасөз конференциясында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер командалардың финаллық ойынға таярлығы, ойыншылардың жағдайы ҳәм келеси режелер туўралы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги