Мәмлекетимиз басшысы Қашқадәрьяға сапары ўақтында режеден тысқары түрде Қаршы районы медицина бирлсепесине барды.

Оның имараты өткен әсирдиң 60-70-жылларында қурылған. Емлеўхана 228 наўқас орнына ҳәм поликлиника 250 қатнаўға мөлшерленген. Ҳәзирги ўақытта райондағы 243 мың халыққа хызмет көрсетеди. Бирақ, бул жердеги шараятлар сонша қамтылыўға ҳәм заман талабына сай емес. Айырым үскенелерди жаңалаўға зәрүрлик бар.

Президентимиз медициналық бөлимлер ҳәм ханаларға кирип, тийкарғы жағдайды көзден өткерди. Бул жерге келген наўқаслар менен сәўбетлести.

– Бүгин Қашқадәрьяға келиўимизден мақсет ўәлаяттың 3 ярым миллионлық халқының турмыс шараятын жақсылаў, аўырын жеңил етиў, санаат, аўыл хожалығы, социаллық тараўларды раўажландырыў. Жолдан өтип баратырып, емлеўхана қандай екен, деп кирдим. Жағдайды өзим көрип, әпиўайы адамлар менен көбирек пикирлесип, қарар қабыллаў – мениң ең үлкен мақсетим. Алдын да айтқанымда, билимлендириў менен медицина сапалы болса, адамлар разы болады. Көп жерлерде емлеўханаларды жақсыладық. Бирақ, Қаршы районындағы шараят маған мақул емес. Бүгин көргенлеримнен жуўмақ шығарып, бул жерде жаңа емлеўхана қурамыз,-деди Шавкат Мирзиёев.



Жуўапкерлерге болажақ комплекс орны ҳәм жойбары бойынша усыныс киргизиў ўазыйпасы қойылды. Келешекте ол ең заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленеди ҳәм дәри қураллары менен бийпул тәмийинленеди. Районлық медицина бирлеспесинде жумыс ислейтуғын бир топар шыпакер ҳәм мийирбийкелер сырт елге қәнигелик арттырыўға жибериледи. Усы тәризде бул мәкан басқа район емлеўханаларының хызметкерлери ушын оқыў-әмелият орайына айланады. Сондай-ақ, сапар ўақтында кадрлар потенциалын ҳәм медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, емлеўхана әтирапын тәртипке келтириў мәселелери де айтып өтилди.



ӨзА