Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өз жумысын баслады. Мәжилис алдынан парламент төменги палатасы Спикери Н.Исмоилов өткен ҳәпте даўамында болып өткен әҳмийетли сиясий процессге ҳаққында тоқтап өтти.

Соның ишинде, Президентимиздиң «Бир мәкан, бир жол» үшинши халықаралық форумындағы қатнасыўы ҳәм онда алға қойылған ўазыйпалар, 2024-жыл ушын мәмлекетлик бюджеттиң тийкарғы бағдарлары ҳәм тармақ және аймақларда әмелге асырылатуғын ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисиндеги ўазыйпалар, Өзбек тили байрамы өткерилгени, өзбек тилиниң абырайын арттырыў бағдарында алып барылып атырған ҳәрекетлерге толық тоқтады:

– Усы жылы 17-18-октябрь күнлери мәмлекетимиз басшысы «Бир мәкан, бир жол» үшинши халықаралық форумында қатнасыў ушын әмелий сапар менен Пекин қаласында болды. Бүгинги күнде Өзбекстан өзиниң сыртқы сиясатында миллий мәплерден келип шығып, түрли халықаралық жойбарлар ҳәм басламалар шеңберинде өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге тийкарғы әҳмийет қаратып киятырғанын атап өтиў керек. Соның ишинде, «Бир мәкан, бир жол» басламасы да мазмун итибары менен халқымыз, Өзбекстан ҳәм регионымыз мәплерине толық сәйкес келетуғын әҳмийетли ҳәм ашық платформа десек дурыс болады.

Мәмлекетимиз басшысы «Бир мәкан, бир жол» үшинши халықаралық форумындағы шығып сөйлеген сөзинде бир қатар усыныслар ҳәм басламаларды алға қойды. Өзбекстан «Жасыл жипек жолы» шеңберинде кең көлемли халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екени айрықша атап өтилди.

Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзи сырт елли экспертлер ҳәм аналитиклер арасында үлкен қызығыўшылық оятқанын атап өтиў керек. Эксперт-аналитик топарлар мәмлекетимиз басшысы алға қойған басламалар «Бир мәкан, бир жол» концепциясын регионаллық раўажланыўдың анық бағдарламалары менен байытқанын айрықша атап өтпекте.

Президентимиз шығып сөйлеген сөзинде халқымыз мәплеринен келип шығып, өз-ара бирге ислесиўди және де беккемлеўге қаратылған әҳмийетли усыныслар ҳәм басламаларды билдирди. Соның ишинде, экономика тармақларын «жасыл» раўажланыў талаплары тийкарында раўажландырыў мақсетинде «Жасыл» раўажланыў бағдарламасы»н ислеп шығыў усыныс етилди.

Сондай-ақ, регион мәмлекетлеринде жоқары экологиялық стандартларды енгизиў ушын Өзбекстанда «Жасыл» қаржыландырыў» қорын шөлкемлестириў басламасы алға қойылды. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билдирилген барлық идеялар, басламалар ҳәм усыныслар тек ғана мәмлекетимиз емес, ал регионымыздың «жасыл» келешегин қурыўға қаратылғаны менен де оғада айрықша әҳмийетке ийе, – деди Спикер.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА