Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи халқымыздың өзлигин аңлаўы, ғәрезсиз турмыста өмир сүриўи ҳәм ата-бабалардан мийрас болып киятырған миллий мийрасларымыз, қәдириятларымызды қәстерлеп сақлап, келешек әўладларға жеткерип бериўдей уллы исте тасланған әҳмийетли тарийхый қәдем болды.

Буннан саррас 35 жыл алдын – 1989-жыл 1-декабр күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилди.

«Мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 1-статьясына муўапық, қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады.

Бозатаў районы 20-санлы Балалар музыка мектебинде «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» атамасында байрам салтанаты өткерилди.

Өткерилген байрам салтанатына райондағы сектор басшылары, мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары, нураныйлар, ҳаял-қызлар, жаслар, сондай-ақ, билимлендириў тараўы ўәкиллери қатнасты.

Илажда район ҳәкими Б.Уббиниязов  Қарақалпақстан Республикасының  «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамының қабыл етилиўи руўхый дүньямыздың тийкары есапланған ана тилимиз – қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил дәрежесине көтерилиўине имканият жаратылып, оның еркин раўажланыўына кең жол ашып берилгенлигин айрықша атап өтти ҳәм байрам менен қызғын қутлықлады.

Илаж даўамында бир қатар билимлендириў тараўы ўәкиллери район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Соңынан районлық Мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби тәрбияланыўшылары  тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылып, бул кешеге көтериңки кейпият бағышлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы