Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-сентябрьдеги «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Нөкис қаласында усы жылдың 25-28-ноябрь күнлери аралығында халықаралық ҳәм миллий экспертлердиң қатнасыўында төрт күнлик оқыў-тренинглери  болып өтти.

Оқыў илажлары Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң “Денсаўлықты сақлаўды қаржы менен тәмийинлеў ҳәм медицина мәкемелерин басқарыў” жойбары шеңберинде әмелге асырылды.

Тренинг даўамында қатнасыўшылар денсаўлықты сақлаў тараўының сиясий тийкарлары, нызамшылық базасы, институционаллық ҳәм конституциялық тийкарлары, соның менен бирге, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасында қолланылатуғын жаңа финанслық тәмийинлеў механизмлери ҳәр тәреплеме үйренилип, талқылаў мүмкиншилигине ийе болды.

Оқыў тренингти табыслы тамамлаған қатнасыўшыларға сертификатлар тапсырылды.



Алдағы ўақытлары қалалық ҳәм районлық медицина мәкемелеринде финанс хызметкерлери менен де оқыў-тренинглерди өткериў белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги