Өзбекстан Миллий олимпиада комитетинде жаңа Олимпиада дәўирине мүнәсип таярлық көриў, мәмлекет олимпиада ҳәрекетин избе-из жолға қойыў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы департаментиниң басшысы Одил Абдураҳмонов, Азия олимпиада кеңесиниң вице-президенти, МОК баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров, Комитет бас хаткери Ойбек Қосимов, МОК баслығынының орынбасары Шерзод Тошматов, Спорт министрлиги ҳәм Миллий олимпиада комитетиниң жуўапкер шахслары қатнасқан мәжилисте зәрүр ўазыйпалар белгилеп алынды.

Атап өтилгениндей, Миллий олимпиада комитетиниң жумысын системалы жетилистирип барыў, оның мақсетли ҳәм нәтийжеге бағдарланған жумыс режеси тийкарында нәтийжели жумыс алып барыўы көрип шығылды.

Миллий олимпиада комитети жуўапкерлериниң өз бағдарларынан келип шыққан ҳалда қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли жумыс режелерин қәлиплестириў, тийисли министрликлер, аймақлық ҳәкимликлер, федерация ҳәм ассоциациялар менен биргеликте ўазыйпаларды шешиў, машқалаларды сапластырыў, жолға қойылған халықаралық бирге ислесиў байланысларында нәтийжелиликке ерисиў мәселелери додаланды.

Додалаўлар соңында Өзбекстан спорт делегациясының «Милан-Кортина-2026» қысқы Олимпиада, «Аичи-Нагоя-2026» жазғы Азия ҳәм «Лос-Анджелес – 2028» жазғы Олимпиада ойынларында мүнәсип нәтийжелерге ерисиўи ушын таярлықты жаңа басқышқа алып шығыў, бир қатар спорт түрлери бойынша сайланды командалардың шынығыўларына айрықша итибар қаратыў, зәрүр шараят жаратыў, маман қәнигелердиң усынысларын үйренип шығыў сыяқлы бир қатар тийкарғы темалар бағдарында усыныслар алға қойылды.

Тўлқин РЎЗИЕВ,

ӨзАның хабаршысы