Қарар ҳәм оның орынланыўы

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыслық шараятларды жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қоңырат районында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мақсет – Қарақалпақстан Республикасында өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде анықланған шараяты аўыр шаңарақлар ҳәм пуқараларды қоллап-қуўатлаў, аўыл ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў болып есапланады.

Райондағы Қыят аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы  мүтәж инсанлардың үйлериниң төбесин бастырыў ушын зәрүрли қурылыс материаллары Қашқадәрья ўәлаятынан жетип келди.

– Шаңарақ жағдайымның төменлиги себепли, жайымыздың төбесин бастырыўға қолым келтелик етип тур еди,-дейди аймақ турғыны Б.Шамуратов. –Жаўынлы, қарлы күнлер келсе, жайымыздың төбесинен жаўын өтип, әбигерленип қалатуғын едик. Мен сыяқлы бүгин үйлери шиферланып, қуўанышқа бөленип атырған инсанлар атынан ҳүрметли Президентимизге миннетдаршылық билдиремен.

Мағлыўмат ушын, усы қарарда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы ҳәм арқа районларындағы аўыр турмыс шараятындағы шаңарақларға тийисли турақ жайлардың төбесин оңлаў (шиферлаў) ҳәм жасаў ушын жарамсыз ҳәм авариялық жағдайдағы турақ жайларды тазадан қурыў жумысларының жыйма параметрлери белгиленген. Қоңырат районында Қашқадәрья ўәлаятының 14,1 млрд. сумлық қаржылары есабынан жәми 934 турақ жайдың оңланыўы, соннан, 889 турақ жайдың төбесиниң шиферланыўы, 45 турақ жайды толық қайта қурып берилиўи режелестирилген.



 

Қарақалпақстан хабар агентлиги