Усы жылдың 7-октябрь күни басланған Израиль ҳәм Палестина келиспеўшилигинде 22 журналист қайтыс болды. Бул ҳаққында Журналистлерди қорғаў комитети (CPJ) мәлим етти.

Комитетке бола,  сегиз ғалаба хабар қураллары қәнигеси жарақатланған,  үшеўи белгисиз жоғалған ямаса қамақта.

CPJ’ның анықлық киргизиўинше, қайтыс болғанлардың арасында 18 и палестиналы,  үшеўи израилы ҳәм биреўи ливанлы. Анық болыўынша,  Газа секторындағы журналистлер «Израильдың қурғақлықтағы ҳәм ҳаўа ҳүжимлери, байланыс үзилислери ямаса электр менен байланыслы үзилислер алдында келиспеўшиликти сәўлелендириў ўақтында жоқары қәўиплерге дус келген».

Соңғы мағлыўматларға бола,  еки тәрептен өлгенлердиң улыўма саны 4 мың адамнан асты. Октябрь айының орталарында қайтыс болған журналистлердиң саны 12 адамға жеткен еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги