Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Пекинде ҚХР баслығы Си Цзиньпин менен сөйлесиў өткерди. Сөйлесиў даўамында Тоқаев кәсиплесине 2024-жылы Қазақстанға келиў усынысын билдирди. Қазақстан мәмлекет басшысы баспасөз хызметиниң тарқатқан хабарда сондай делинген.
Сөйлесиў ўақтында көп тәреплеме, соның ишинде, саўда-экономикалық, нефть-газ, нефть-химия, энергетика, қаржы, транспорт-транзит тараўларында, сондай-ақ, атом санааты, машина қурылысы, туризм, электрон саўда ҳәм жоқары технологиялар бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланған. Еки мәмлекет жетекшилери биргеликте инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, өз-ара мәдений алмасыў ушын шараят жаратыў зәрүр екенин атап өткен. Әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысылған.
Ушырасыў соңында қол қойылған бес ҳүжжет арасында Қытай – Европа жөнелиси бойлап контейнерли поезд қатнаўын нәзерде тутыўшы Транскаспий халықаралық транспорт коридорын раўажландырыўға қаратылған келисим де бар.
ӨзА