Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-октябрь күни Пекин қаласына әмелий сапары шеӊберинде өзине ажыратылған резиденцияда “Amer International” индустриаллық-санаат холдинги баслығы Ван Вэньинди қабыллады.

Қытайдыӊ жетекши конгломератларынан бири болған “Amer International” жетик жоқары технологиялар, электроника, ярымөткизгишлер санааты, кәншилик ҳәм қайта ислеў тармақларындағы жойбарлар менен шуғылланады. Компания “Fortune 500” глобал рейтингине кирген. Қытайда ҳәм оныӊ сыртында улыўмалық көлеми 60 миллиард доллардан зыят болған жойбарларды әмелге асырмақта.

Ван Вэньин Өзбекстанда алып барылып атырған реформалар бағдарламасы сырт ел, сондай-ақ, Қытай компаниялары ушын қолай шараятлар жаратып, кеӊ имканиятлар ашып атырғанын атап өтти.

Компания мәмлекетимизге Орайлық Азия регионындағы бизнестиӊ бас бағдары сыпатында қарап атырғанлығы айтып өтилди.

Мысты тереӊ қайта ислеў ҳәм оннан жоқары қосымша қунлы инновациялық ҳәм өтимли өнимлер, сондай-ақ, электротехника, электромобильлер ушын аккумулятор батареялары, микроэлектроника ҳәм ярымөткизгишлер исеп шығарыў бойынша перспективалы жойбарлар додаланды.

“Amer International” компаниясы баслығы Сырт елли инвесторлар кеӊеси жумысында қатнасыўы, мәмлекетимизде регионаллық офис ашыў ҳәм биргеликтеги инновациялық жойбарларды тезлестириў барғдарында “жол картасы”н қабыллаў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА