Россия Президенти Владимир Путин Пекинге сапары ўақтында Вьетнам Президенти Во Ван Тхоунг, Таиланд Бас министри Сетта Тхависин, Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух ҳәм Лаос Президенти Тхонглоун Сисулит пенен ушырасыў өткереди. Бул ҳаққында журналистлерге РФ жетекшисиниң халықаралық мәселелер бойынша жәрдемшиси Юрий Ушаков мәлим етти.
– Путин әллеқашан Вьетнам, Таиланд, Монголия, Лаос басшылары менен ушырасыўды режелестирген,-деди Кремл ўәкили. – Президентимиз кестеге киргизилген бул илажлардан тысқары, және басқа ушырасыўлар өткериўи де күтилмекте. Ҳәзир жәрияланған дизим және толықтырылады деп ойлайман.
17-18-октябрь күнлери Пекинде өтетуғын «Бир мәкан, бир жол» халықаралық бирге ислесиў форумында 130 дан аслам мәмлекет ўәкиллери 23 мәмлекет басшысы Пекинге барыўы күтилмекте.
ӨзА