Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ “Министрлер Кабинетиниӊ 2017-жыл 9-февральдағы 66-санлы қарары менен тастыйықланған Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби ҳаққындағы режеге қосымшалар киргизиў ҳаққында” қарар қабыллады.
Оған муўапық, исбилерменлик субъектлериниӊ аралықтан электрон мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятлары және де кеӊейеди.
Режеге өнерментшилик субъектлери есапланған жеке тәртиптеги исбилерменлерди дизимнен өткериў процесинде арза бериўшилердиӊ келисимине бола “Өнермент” ассоциациясына ағза болыў ҳаққындағы арзаны композитлик усылда қабыл етиўди нәзерде тутыўшы қосымшалар киргизилди.
Қарарға бола, бир ай мүддетте өнерментшилик субъектлери есапланған жеке тәртиптеги исбилерменлерди дизимнен өткериў процесинде арза бериўшилер өзиниӊ қәлеўинше “Өнермент” ассоциациясына ағза болыў ҳаққындағы арзаны “Өнермент” ассоциациясына композитлик усылда жибериў системасы жаратылады.
“Өнермент” ассоциациясы Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есапқа қойыўдыӊ автоматластырылған системасы арқалы берилген арзаларды қабыллайды ҳәм нәтийжесин усы система арқалы мәлим етеди.
ӨзА