29-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң академик Ч.Абдиров атындағы мәденият сарайында Нөкис қаласындағы барлық жоқары оқыў орынларының жуўапкерлери қатнасыўында мәжилис болып өтти.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов басқарып барды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министри, полковник Б.Төребеков, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы, подполковник А.Давлетов, Қарақалпақстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Б.Қайыпбергеновлар гүзги-қысқы мәўсимде пуқаралардың газ ийисинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў мәселелери бойынша шығып сөйлеп, бул бағдарда үгит-нәсиятлаў жумысларын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтти.

Ушырасыўда гүзги-қысқы мәўсимде қәўипсизлик илажларын күшейтиў бойынша усыныслар берилип, газ плиталары ҳәм ысытыў системаларынан дурыс пайдаланыў, газ қурылмаларын турақлы техникалық тексериўден өткериў зәрүр екенлиги түсиндирилди.

Илаж даўамында көплеген аймақларда бақланып атырған газ ийисинен зәҳәрлениў жағдайлары бойынша таярланған арнаўлы слайдлар жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Ушырасыў соңында жоқары оқыў орынларының жуўапкерлери менен өз-ара пикир алысып, студент-жаслар тәрбиясын және де нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм оларды ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлерден қорғаў бойынша биргеликте ислесиўге келисип алынды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы