Әмелий сапар менен Бишкек қаласында болып турған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ғәрезсиз Мәмлекетлердиӊ Дослық аўқамы Мәмлекет басшылары кеӊесиниӊ гезектеги мәжилисинде қатнасты.

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров басышылығында өткен саммит жумысында Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм ҒМДА бас хаткери Сергей Лебедев те қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, ҒМДА шеӊбериндеги көп тәреплемели қатнасықлардыӊ жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды, әмелий бирге ислесиўдиӊ әҳимийетли мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы өз сөзинде Дослық аўқамы шеӊбериндеги өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеӊейтиў бойынша бир қатар басламаларды алға қойды.

Өзбекстан Президенти бар имканиятларды биргеликте баҳалаў ҳәм өз-ара муўапықластырылған илажлар көриў ушын ҒМДА дай платформаны иске түсириўдиӊ әҳмийетли екенлигин айрықша белгилеп өтти. Усы мәнисте, көп тәреплемели бирге ислесиўдиӊ жаӊа узақ мүддетли күн тәртибин ислеп шығыў мақсетинде ҒМДА мәмлекетлериниӊ жетекши таллаў орайларын ҳәм экспертлердиӊ конференциясын шөлкемлестириў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз жетекшиси Дослық аўқамы мәмлекетлеринде турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти.

Шөлкем орнында алдынғыдан өзгеше ҳәм шеклеўлерсиз толық еркин саўда аймағын қәлиплестириў әҳимийетли екенлигине итибар қаратылды. Усы мүнәсибет пенен тийисли шәртнама қағыйдаларын қайта көрип шығыў усыныс етилди.

Өзбекстан Президенти мәмлекетлер арасындағы товар алмасыўда бар механизмлерди нәтийжели иске қосыўға шақырды ҳәм оны хошаметлеўдиӊ жаӊа қуралларын усыныс етти.

Мәмлекетимиз басшысы өз-ара инвестицияларды хошаметлеў ҳәм жойбарларды алға қойыў бойынша қосымша илажлар комплексин ислеп шығыў ҳәм ҒМДА мәмлекетлериниӊ Санаат кооперациясы ҳәм инновациялық қолланбалары форумын өткериў басламасын алға қойды.

Энергетика ҳәм азық-аўқат тараўларында бирге ислесиў, экономиканыӊ тийисли тармақларында алдыӊғы технологияларды енгизиў ҳәм кооперацияны күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Азық-аўқат қғўипсизлиги тараўындағы бирге ислесиў бойынша жаӊаланған бағдарламаны ҳәм Агросанаат комплексиндеги кооперацияныӊ тийкарғы бағдарлары ҳаққындағы келисимди таярлаў усыныс етилди.

Өзбекстан жекетшиси аймақлар аралық бирге ислесиўди жеделлестириў бойынша “жол картасы”н таярлаў басламасы менен шықты, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты күшейтиў, жолаўшы ҳәм жүк тасыўды көбейтиў бойынша анық илажларды көрсетип өтти.

Глобал климат ысыўы ақыбетлерине қарсы гүресиўде хәрекетлерди бирлестириўдиӊ әҳимийети айтып өтилди. Келеси жылы Самарқандта өткерилиўи режелестирилген БМШ қәўендерлигиндеги Халықаралық климат форумы шеӊберинде ҒМДА мәканындағы экологиялық қәўип-қәтерге арналған арнаўлы жалпы сессияны шөлкемлестириўге таярлық билдирилди.

Гуманитар тараў ҳаққында сөз етилер екен, 2024-жылы Дослық аўқамыныӊ мәдений пайтахты деп жәрияланған Самарқанд қаласында ҒМДА мәденият, көркем өнер ҳәм кино ҳәптелигин өткериў усыныс етилди.

Сондай-ақ, келеси жылы ҒМДАныӊ жаслар пайтахты статусын алған Ташкент қаласында бир қатар жасларға байланыслы илажлар, соныӊ менен бир қатарда, футбол беллесиўи болып өтеди.

Мәмлекетимиз жетекшиси өз сөзинде билимлендириў тараўында ҳәм саяхатшылық алмасыўын раўажландырыў бойынша да әҳимийетли басламаларды алға қойды.

Шығып сөйлеўиниӊ соӊында Өзбекстан Президенти Россия Федерациясы Президентин 2024-жылы Шөлкемге басшылықты қабыл етип алғаны менен қутлықлады.

Саммит жуўмағында ҒМДА шеӊберинде бирге ислесиўдин баслы бағдарлары бойынша бир қатар келисим ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги