10-май күни ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасынан бир топар қәнигелер пайтахтымызға келди. Олар Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими менен бирликте дәстүрий тоқымашылық ҳәм иннавациялық дизайн бойынша усы тараўға қызығатуғын қарақалпақстанлы жаслар ушын үш күнлик тренинг өткерди.
Тренинг марғуланлы дәстүрий тоқымашылық устасы Расул Мирзаахмедов ҳәм ЮНЕСКОның тынышлық ушын көркем өнер ғайраткери Биби Рассел тәрепинен алып барылды.
– Тренингтиң тийкарғы мақсети – республикамыздағы өнермент ҳәм дизайнерлердиң дәстүрий тоқымашылық усылларын, көнликпелерин ҳәм иннавациялық дизайн бойынша билимин арттырыў, сондай-ақ, тәбийғый бояў, Қарақалпақстанның мәденияты және көркем өнер тийкарлары бойынша оқытыў болып есапланады,-дейди Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Улбосын Өтегенова.
Тренингтиң екинши ҳәм үшинши күнлеринде И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде әмелий жумыслар алып барылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).